Усы жыл 9-июнь күни И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, монументалист художник Музаффар Ишановтың туўылғанына 70 жыл толыў мүнәсибети менен «Гөззаллық саўлаты» атамасында жеке көргизбеси өткерилди.

Көргизбеге художниктиң 50 ден аслам дөретпелери қойылып,  онда живопись, графика, әмелий көркем өнер, жеке топламынан алынған дөретпелери ҳәм имаратларға исленген горельеф ҳәм мозаика дөретпелериниң фото-сүўретлери орын алған.

Көргизбениң ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлер, М.Ишановтың өмири ҳәм дөретиўшилиги, оныңбийтәкирар дөретпелери қаламыздың және де көркем ҳәм мәдений жақтан байыўына қосылған  үлес екенлигин атап өтти.

Ол монументальлық жумыслары менен бир қатарда портрет, пейзаж ҳәм тематикалық темаларда да картиналар дөреткен.

– Музаффар аға әжайып инсан сыпатында есимизде қалған. Ол тәжикстанлы художник болып, Қарақалпақстанда шаңарағы менен жасап, үлкен хызметлер еткен ҳәм көплеген шәкиртлер таярлаған. Художник өзгеше бир ислеў бағдарына ийе, – дейди Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Улбосын Өтегенова. Устазымыздың дөретпелери бүгинги әўлад ушын үлкен мектеп сыпатында хызмет етеди.

Художниктиң көп ғана портрет жанрында ислеген «Қ.Саипов портрети», «Қ.Абдиреймов портрети», «Студент қыз портрети» ҳәм Хийўа қаласының көринислери сүўретленген бир қанша пейзаж жумыслары музей фондында сақланбақта.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы