Бозатаў районында өткерилип атырған фестиваль шеңберинде қарақалпақстанлы өнермент, Көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзасы Гүлсәўир Сапарбаева район жасларына әмелий көркем өнердиң бир неше түрлери бойынша шеберлик сабағын өткерди. Бул ҳаққында Өзбекстан көркем өнер академиясы ҚР бөлими хабар берди.
Бир неше жыллардан берли өнерментшилик пенен шуғылланып киятырған өнермент қарақалпақ кестешилигин раўажландырыўға үлкен үлес қосып келмекте. Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң әмелий көркем өнер бөлиминде оқыўшыларға сабақ береди.
Соның менен бирге, Өзбекстан көркем өнер академиясы ҚР бөлими жанындағы ЮНЕСКО тәрепинен шөлкемлестирилген «Өнерментшиликти раўажландырыў ресурс орайы»ның ағзасы болып, орайда алып барылып атырған илажлардың қатнасыўшысы ҳәм шөлкемлестириўшиси есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.