Олий Мажлис Сенатының жақында болып өткен жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызам мақулланды.

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жумысы мәмлекетимиз басшысының жабық қарарлары менен тәртипке салынып келинген. Бул бағдарда ашық түрдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жоқ.

Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети арнаўлы ўәкилликли уйым есапланып, қорғалыўшы шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, қорғаў, режим, оператив-излеў, инженерлик-техникалық ҳәм басқа да илажлар комплексин әмелге асырады.

Онда Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети оператив хызмет жумысының айрықша тәреплери физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерине тиккелей тәсир етеди.

Атап айтқанда, Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў  процесинде қорғалыўшы шахслардың мәплерин гөзлеп, қорғаў илажлары өткерилип атырған жерлерде еркин ҳәрекетлениўди, қорғалыўшы шахслардың болыў объектлери әтирапында ҳәм ҳәрекетлениў бағдарларында түрли объектлердиң қурылысы ҳәм реконструкциясын, қорғалыўшы шахсларға ҳәм оларды болыў объектлеринде хызмет көрсетиўге тиккелей тартылған шөлкемлердиң жумыс ислеўи әмелге асырылыўын ҳәм басқа да ҳәрекетлерин шеклейди.

Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети әскерий хызметкерлери және қорғалыўшы шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге тартылған басқа да ҳуқық қорғаў уйымы ҳәм күш ислетиўши структуралардың хызметкерлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында оқ атар қуралды қолланыўдың анық тәртиби белгиленбеген.

Жаңа нызамда усы сыяқлы мәселелерди тәртипке салыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, қорғалыўшы шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында қолланылатуғын улыўма тән алынған түсиниклер ҳәм атамалар, олардың мазмунын шолыў ҳәм дурыс қолланыў мақсетинде бул жумыс түриниң принциплери белгиленди.

Қорғалыўы белгиленген шахслардың категориясы, Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң статусы, тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм миннетлемелери нызамда көрсетип өтилди.

Қорғалыўшы шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында басқа да мәмлекетлик  уйымлар менен бирге ислесиў мәселелери анықластырылды. Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жеке қурамын толықтырыў тәртиби, әскерий хызметкерлердиң статусы, ҳуқық ҳәм миннетлемелери, олар тәрепинен ҳақыйқый әскерий хызмет өтеўдиң айрықша тәреплери, оларға әскерий атақ бериў ҳәм кәсиплик таярлықты шөлкемлестириў, хызметкерлердиң ҳуқықый ҳәм социаллық қорғалыўының кепилликлери нызам менен қамтып алынды.

Нызам менен Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жумысын шөлкемлестириў ушын ашық-айдын ҳуқықый база жаратылды. Пуқаралардың бул хызмет пенен өз-ара қатнасықлардағы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў және Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлерин ҒМДА мәмлекетлери менен қол қойылған халықаралық шәртнамаларға муўапықластырыў имканияты жаратылды.

Бул нызам Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комиитетинде мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, қәнигелер ҳәм илимий топарлардың ўәкиллеринен ибарат дүзилген жумысшы топар тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренип шығылды.

Нызамның жаратылыўында ҳуқық қорғаў ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықый тийкарларын ислеп шығыў тәжирийбеси, кейинги жылларда қабыл етилген нызамлар, мәмлекетлик хызмет уйымларының ҳуқықый тийкарларын белгилейтуғын нормативлик ҳүжжетлер және алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси де үйренилди.

«Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызам Өзбекстан Республикасы Конституциясына сәйкес ҳәм бүгинги күн талапларына жуўап береди.

Бул жаңа нызам мәмлекет дәраматларының азайыўына ямаса мәмлекет қәрежетлериниң көбейиўине ямаса Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети бөлистириўиниң өзгериўине тәсир етпейди.

Нызамның күшке кириўи Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң ҳуқықый тийкарларының беккемлениўине хызмет етеди.

 

Қутбиддин БУРХАНОВ,

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери

комитетиниң баслығы.

ӨзА