Бозатаў районында өткерилген «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» фестивалы шеңберинде «Миллийлигимизди сақлайық» атамасында жас художниклер арасында таңлаў шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Өзбекстан көркем өнер академиясы ҚР бөлими хабар берди.
Таңлаўға республикамыздың қала ҳәм районларынан қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң сүўретлеў өнери бағдарында оқып атырған жаслар қатнасты.
Таңлаў нәтийжелерине муўапық, 1-орынға Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқыўшысы Аманбай Қайыпназаров, 2-орынға Тахтакөпир районлық 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Сабрина Жумабекова, 3-орынға Бозатаў районлық 11-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Айтбай Сағынбаев тәрепинен исленген дөретиўшилик жумыслар ылайық деп табылды.
Таңлаў жеңимпазларына диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.