Усы жыл 4-июнь күни Нөкисте «Ниҳол-2021» сыйлығы таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары «Эстрада» ҳәм «Опера атқарыўшылығы»,  «Аяқ ойын», «Миллий саз атқарыўшылығы» бағдарлары бойынша өз қәбилетлерин сынақтан  өткерди.

Тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда,   «Эстрада» бағдары бойынша Нөкис қаласынан Бабамурат Мамбетниязов, «Опера атқарыўшылығы» бағдары бойынша Шымбай районынан Мухаммет Мырзабаев, «Аяқ ойын» бағдары бойынша Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филалының 1-курс студенти Анваржан Жолдасбаев, ал «Миллий саз атқарыўшылығы» бағдары  бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс студенти Камалбай Әлимбаевлар жеңимпаз болып, Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазларға, сыйлы орын ийелерине ҳәм белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, «Ҳүрмет жарлық»лары ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги