Өзбекстан Экологиялық партиясының басламасы менен бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланып шөлкемлестирилген «Мойнаққа мәдет»  экологиялық қайырқомлық веломарафонының қатнасыўшылары 3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасына жетип келди.

Усы жылдың 21-май күни Әндижан ўәлаятының Ханабад қаласынан старт алған илаж қатнасыўшылары елимиздиң бир қатар ўәлаятларынан өтип республикамызға жетип келди.

4-июнь күни таңда Нөкис қаласы Ислам Кәримов гүзары бойындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби алдында веломарафонның жуўмақлаўшы басқышына старт берилди. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда шығып сөйлеўшилер қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Экологиялық қайырқомлық веломарафонына Қарақалпақстан Республикасынан 10 велоспортшы, 50 ге жақын ҳәўескер ҳәм ықтыярлы қосылды. Солай етип, жәми 100 ге жақын қатнасыўшы Мойнақ районына қарай жол алды. Олар бүгин кешке финишке жетип барады.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Жоқарғы Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги