2021-жыл 3-июнь күни Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Мәўлен Әшимбаевтың Өзбекстан Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасындағы бирге ислесиў бойынша комиссиясының биринши мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары – Комиссияның Өзбекстан тәрепинен биргеликтеги баслығы С.Сафоев ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты Баслығының орынбасары – Комиссияның Қазақстан тәрепинен биргеликтеги баслығы А.Шакиров қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў ҳәм тереңлестириў перспективалары көрип шығылды.
Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық қатнасықларды және де кеңейтиў және беккемлеў мәселелеринде аймақлар, соның ишинде, шегара алды ўәлаятлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда парламентлердиң ролине итибар берди.
Делегациялардың өз-ара сапарларын әмелге асырыў арқалы парламентлераралық байланысты жеделлестириў, еки мәмлекет ўәлаятлары ҳәм районлары депутатларының тиккелей қатнасықларын жеделлестириў ушын Аймақлар форумын өткериў, гендер теңлик тараўындағы бирге ислесиўди даўам еттириў, Парламентлераралық аўқам, ЕҚБШ ПА, ҒМДА ПА сыяқлы парламентлераралық структуралар шеңберинде бирге ислесиў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти жанындағы Парламентаризм институты арасындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламентиниң Сенаты арасындағы бирге ислесиў бойынша комиссияның екинши биргеликтеги мәжилисин өткериў мәселеси көрип шығылды.
Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының делегациясы Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейин барып көрди.
Мийманлар музей экспонатларынан орын алған зергерлик буйымлары, қурал-жарақлар, сәркардалар ҳәм әпиўайы әскерлердиң кийимлери, музыка әсбаплары, Улығбектиң астрономиялық әсбаплары ҳәм Темурийлер дәўирине байланыслы көплеген басқа да экспонатлар менен танысты.
С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы