Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен  «Сени жырлаймыз заманлас»  Өзбекстан театрларының VI Республикалық фестивалы өткерилип, онда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры жәмәәти театрдың бас режиссёры Өмирбек Бектурғановтың режиссёрлығындағы драматург Қошқар Норқабылдың «Алмақтың бермеги бар» спектакли менен қатнасып,  екинши орынды ийеледи.

– «Алмақмақтың бермеги бар» спектаклинде жәмийетимизде ушырасып атырған коррупцияның алдын алыў мәселелери бойынша ўақыялар өз сәўлелениўин тапқан. Ўақыяның раўажланыў барысында бас қаҳарман Заман халықтың жақсы жасаўына жәрдемлесип, коррупцияның алдын алыўға ҳәрекет етеди, – дейди Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының бас режиссёры Өмирбек Бектурғанов. – Спектакль елимиз жасларын өз кәсибине ҳадал ҳәм садық болыўға, Ўатанымыздың раўажланыўы ушын шын ықлас пенен ҳәрекет етиўге шақырады.

Фестиваль шеңберинде илимий-әмелий конференция өткерилип, онда «Заманагөй драматургия ҳәм оның машқалалары», «Театрда режиссура мәселелери», «Заманлас образының сахналық талланыўы мәселелери» сыяқлы бир неше  темаларда  баянатлар тыңланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигини шолыўшысы