Халықаралық балаларды қорғаў күни дүнья балалары ушын ең пәк ҳәм қуўанышлы байрам есапланады. Әлбетте, бала – бул дүнья, бала – бул турмыс мазмунының ажыралмас бөлеги болып табылады. Балалар өзиниң күлиўи арқалы инсанлар кеўилинде турмысқа, жасаўға болған қызығыўшылықты оятады. Көзлеринде жақсылық ҳәм меҳир урып турған балалар ашық аспанда еркин пәрўаз етип атырған қарлығаш мысалы.
Келешек тарийх пенен қурылады дегениндей, бул күнниң де өз тарийхы бар. Бул күн 1-июнь сәнесинде байрамланыўы усынысы 1925-жылы Женевада илгери сүрилген ҳәм 1950-жылдан болса 1-июнь дүньяда Халық аралық балаларды қорғаў күни ретинде байрамланып келинеди. Усы сәнениң тийкарғы мәнислеринен және бири оның байрағында да өз көринисин тапқан. Онда жер шары бәршемиздиң улыўма үйимиз есапланса, әтирапындағы балалар болса бахыт ҳәм ығбал ушын бирлескенинен дәрек береди. Жаздың биринши күни дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде келешегимиз ийелери ушын түрли концертлер, көргизбелер, сейиллер, спорт жарыслары өткериледи. Мәмлекетимизде де бул байрам ҳәр жылы кеўиллерде қуўаныш пенен байрамланады. Себеби Өзбекстан – әзелден балажан дияр.
Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында Өзбекстан ағза болған дәслепки халықаралық шәртнамалар қатарында Инсан ҳуқықлары дүнья жүзлик декларациясынан кейин Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция сөзимиздиң айқын дәлийли болып табылады.
Ақсынгүл Орақбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.