Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың экономикасы, халықтың турмыс шараятлары менен жақыннан танысыў мақсетинде Сурхандәрья ўәлаятына жөнеп кетти.

Еки күнлик әмелий сапар даўамында энергетика, агросанаат, саўда ҳәм аўыл хожалығы жойбарларының потенциалы менен танысыў, дөретиўшилик жумысларды көзден өткериў режелестирилген.

Анар жетистириў ҳәм пиллешилик ўәлаят экономикасының «драйвери»не айланып бармақта. Сапар бағдарламасында усы тармақлардың раўажланыўына айрықша әҳмийет қаратылған.

 

ӨзА