2021-жыл 28-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси болып өтти.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери, сондай-ақ, «Uz Report» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 14-жалпы мәжилисинде сенатор А.Соатов тәрепинен Сурхандәрья ўәлаяты «Суўақаба» МУКтың Термиз қаласы филиалына тийисли «Шығынды суўларды тазалаў қурылмасы» талап дәрежесинде ислемеўи себепли шығынды суўларды тазалаўға имканияты жетпей Әмиўдәрьяның Аўғанстан менен шегара жағалығындағы қамысзарлыққа тез-тез ағызып жиберилиўи, нәтийжеде қамысзарлықта ҳәр қыйлы зыянлы шыбын ҳәм бүргелер көбейип, қала турғынлары сүйир шыбын шағыўдан жәбир шегип келиўи атап өтилген еди.
Бул мәселе бойынша Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тожиевтиң мәлимлемеси тыңланды.
Жалпы мәжилис даўамында сенатор А.Добрих тоқымашылық санаатында хызмет көрсетип атырған исбилерменлер жумысында қыйыншылықлар туўдырған Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында муўапықлығы тастыйықланыўы лазым болған муўапықлықты баҳалаў объектлериниң дизимлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы мәселесин көтерди.
Бул мәселени үйрениў Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетине тапсырылды.
Олий Мажлис Сенатының он бесинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усыныс етилген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың биринши шерегиниң жуўмақлары бойынша орынланыўы ҳаққындағы есабатлары додаланды.
Атап өтилгениндей, карантин илажлары мүнәсибети менен республикамиз экономикасының өсиўи 2020-жыл жуўмағы менен 2019-жылға салыстырғанда 1,6 процентке төменлеп, ЖИӨ көлеми 580,2 трлн. сумды қураған. 2021-жылдың 1-шерегинде ЖИӨ өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3 процентке өскен.
2020-жылы инфляция дәрежеси белгиленген 12,5-13,0 процентли прогноз параметрлеринен төмен болып, 11,1 процентти, 2021-жылдың 1-шерегинде 10,9 процентти қураған.
Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 2020-жылы 132,9 трлн. сумды қурап, белгиленген 128,7 трлн. сум прогноз 103,3 процентке яки 4 192 млрд. сумға арттырып орынланған яки 2019-жылға салыстырғанда болса 20,8 трлн. сумға өскен.
2021-жылдың 1-шерегинде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары белгиленген 31,9 трлн. сум прогнозы әмелде 33,9 трлн. сумға яки 2,0 трлн. сумға (106 процент) арттырып орынланған. Дәраматлар өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 5,4 трлн. сумға көбейген.
Жергиликли бюджетлердиң 2020-жыл дәраматлары 27 трлн. 702,9 млрд. сумды яки анықластырылған прогнозға салыстырғанда 110,9 процентти қураған.
2021-жылдың 1-шерегинде жергиликли бюджетлердиң дәраматлар бөлими прогнозға салыстырғанда 116 процентке (1,1 трлн. сумға артық) орынланып, 7,9 трлн. сумды, қәрежетлер болса режеге салыстырғанда 94,7 процентке орынланып, 10,9 трлн. сумды қураған.
Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жылдағы қәрежетлери 100 процентке тәмийинленип, 144,1 трлн. сумды яки ЖИӨ ге салыстырғанда 24,8 процентти қураған болса, 2021-жылдың 1-шерегинде 34,1 трлн. сум яки ЖИӨ ге салыстырғанда 26,6 процент болған.
2020-жылда социаллық қәрежетлерди қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 74,2 трлн. сум яки улыўма қәрежетлердиң 51,5 проценти муғдарында, 2021-жылдың 1-шерегинде болса 18,2 трлн. сум (улыўма қәрежетлердиң 53,3 проценти) қаржы жумсалған.
Жергиликли бюджетлердиң қәрежетлери режеге салыстырғанда 104,8 процентке орынланып, 47,2 трлн. сумды қураған.
Сондай-ақ, ишки аудит ҳәм финанслық қадағалаў хызметлери тәрепинен 2020-жыл даўамында 2726 қадағалаў илажларында жәми 309,2 млрд. сумлық финанслық қәте-кемшиликлер анықланып, соннан 1238 рет 223,4 млрд. сумлық тексериў ҳүжжетлери нызамлы шара көриў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилген.
Анықланған финанслық қәте-кемшиликлердиң 34,3 млрд. сумы тиклениўи тәмийинленген ҳәм профилактикалық илажлар нәтийжесинде 165,8 млрд. сумлық нызамсыз төлемлер төлениўиниң алды алынған.
Сенат жалпы мәжилиси даўамында есабатларды көрип шығыўда тийкарғы итибар:
– 2020-жылғы ҳәм 2021-жылдың 1-шерегинде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары менен қәрежетлериниң орынланыўы, ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыў жағдайы;
– салық ҳәм бажыхана мәкемелери тәрепинен белгиленген мәмлекетлик бюджет дәраматлары прогнозының орынланыўында салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша есапланған дәраматлар, салықлардың өндириўшеңлик дәрежеси, салық қарыздарлығы, артықша төлемлер;
– жергиликли бюджетлердиң орынланыўы ҳәм прогноздан артықша түскен дәраматлардан мақсетли пайдаланылыўы;
– «Ашық бюджет» порталы арқалы жергиликли бюджеттиң прогноздан арттырып орынланған бөлеги есабынан жәмәәтшилик пикириниң есапқа алыныўы жағдайы;
– бюджет қаржыларынан пайдаланыўда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер, олардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар сыяқлы әҳмийетли мәселелерге ҳәм олардың шешимине қаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 13-апрельдеги «Бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5072-санлы қарарына муўапық, барлық район ҳәм қалалардың ҳәкимликлери тәрепинен жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға қаржыларды бағдарлаў ҳәм бул қаржылардың басқа мақсетлерде жумсалыўының алдын алыў мақсетинде бюджеттен тысқары есап бет көринисинде (жәми 205) «Пуқаралық басламалар бюджети» қорының ашылыўы тәмийинленди.
Буннан тысқары, республика бюджети қаржылары есабынан эксперимент өткерилип атырған 14 район ҳәм қалалар ушын жәми 92,7 млрд. сум қаржылар тийислисинше жергиликли бюджетлерге белгиленген тәртипте өткерип берилип, бул қаржылар «Пуқаралық басламалар бюджети» қорына жиберилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2021-жыл 22-апрельдеги «Жергиликли бюджет қаржыларының жумсалыўында жәмәәтшиликтиң қаатнасыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ҚҚ-213-IV-санлы қарарына тийкарланып «Район (қала) бюджетлериниң қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў тәртиби ҳаққында Үлги Режеси» тастыйықланған.
Усы Үлги Режеси тийкарында барлық район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен өзлериниң район (қала)ы бойынша Режени қәлиплестирген ҳалда тийислисинше Халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңесине тасыйықлаў ўазыйпасы жүкленген.
Бүгинги күнге келип, жәми 159 район ҳәм қалаларда тийислисинше Халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслери тәрепинен Үлги реже тийкарында бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў тәртибин тастыйықлаў бойынша қарарлар қабыл етти. Сондай-ақ, 46 район ҳәм қалаларда бул Режени тастыйықлаў бойынша қарар жойбарларын тийислисинше Халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине гезектеги сессияда көрип шығыў ушын киргизилген.
Сондай-ақ, жергиликли бюджеттен тастыйықланған улыўма қәрежетлердиң 5 проценти ҳәм қосымша дәраматлардың 30 проценти муғдарындағы қаржылар жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарлаў ҳәм оның мақсетли жумсалыўы үстинен Сенат тәрепинен турақлы парламентлик қадағалаў әмелге асырылыўы белгиленди.
Додалаўлар жуўмағында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясы көрип шығылды.
Мәлим болғанындай, мәмлекетимизде соңғы жылларда Гендер теңлик мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, тараўға байланыслы 25 нызам ҳүжжети қабыл етилди.
Олий Мажлис Сенатында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети, Сенат Баслығының басшылығында Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының шөлкемлестирилиўи Өзбекстанда гендер теңлик мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанын аңлатады.
Өзбекстан тарийхында туңғыш мәрте миллий парламентте ҳаял-қызлар саны БМШ тәрепинен белгиленген усынысларға сай дәрежеге жетти.
Сиясий партиялардағы ҳаял-қызлардың үлеси 44 процентке, жоқары билимлендириў тараўында 40 процентке, исбилерменликте 35 процентке жетти, ҳаял-қызлар мәлимлеме-коммуникация, инновация, энергетика, инженерлик тараўларына кеңнен тартылмақта.
Басқарыў лаўазымындағы ҳаял-қызлардың үлеси 27 процентке жетти. 81 министрлик ҳәм уйымда алдынғы ҳәм билимли ҳаяллардан ибарат 15 мыңнан аслам кадрлар резерви қәлиплестирилди.
Атап өтилгениндей, ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў, олар менен мәнзилли ислеў мақсетинде «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы енгизилди.
Ата-анасы яки олардың биринен айырылған мүтәж қызлар, бағыўшысы жоқ жалғыз ҳаяллардың оқыў төлемлерин қаплап бериў системасы енгизилди, жоқары оқыў орынларына қабыл етиўде мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын грантлар саны еки есеге артты.
Ҳаяллар исбилерменлигин раўажландырыў ушын 224 мыңнан аслам ҳаял-қызға жәми 6,9 трлн. сум муғдарында жеңилликли кредит ажыратылды, оларға Халық банки бириктирилди, 14 аймақта Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайы шөлкемлестирилди.
Зорлық ислеўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў системасы түп-тийкарынан қайта көрип шығылды.
Тараўда жүргизилип атырған реформалар халықаралық рейтинглердеги мәмлекетимиздиң орнына унамлы тәсир көрсетпекте.
Атап айтқанда, Жәҳән банкиниң Ҳаяллар, бизнес ҳәм нызам индексинде Өзбекстан 2020-жылда ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик бойынша әҳмийетке ийе реформаларды әмелге асырған 27 мәмлекет қатарына киргизилди ҳәм 5 текшеге жоқарылап, 190 мәмлекет арасынан 134-орынды (2019-жылда 139-орын) ийеледи.
Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясы Өзбекстан Республикасы Конституциясының, «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы нызамның тийисли қағыйдалары тийкарында Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген мәмлекеттиң узақ мүддетли мақсетлери ҳәм үстинликлерине муўапық ислеп шығылғанлығы менен әҳмийетли. Бул ҳүжжет қарарлар қабыл етиў ҳәм орынлаўдың барлық тараўларында ҳәм дәрежелеринде ҳаял-қызлар менен ерлер арасында теңлик принципин енгизиўге кең көлемли жантасыўды нәзерде тутады.
Сондай-ақ, Стратегия еркеклер ҳәм ҳаяллардың тең ҳуқықлары менен имканиятларын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў ҳәм инсанның фундаментал ҳуқықларына әмел етиў мақсетинде экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмыста гендер теңлик үгит-нәсиятланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Стратегияда бәрше ушын тең ҳуқықлы ҳәм сапалы тәлимди тәмийинлеў, аўыллық жерлерде қызлардың жоқары мағлыўматқа ийе болыўы, ҳаял-қызлар гендер теңлигине ерисиў, зорлыққа жол қоймаў, адам саўдасының алдын алыў сыяқлы мәселелер қамтып алынған.
Итибарлы тәрепи соннан ибарат, бул стратегиядағы бағдарлар БМШтың 2030-жылға шекем мөлшерленген Турақлы раўажланыў мақсетлерине муўапық ҳалда белгиленген.
Гендер теңликке ерисиў стратегиясы тийкарынан, узақ перспективадағы мақсетли ўазыйпалардан келип шығып, бир қатар тийкарғы бағдарларда әмелге асырылады. Мәмлекетлик хызметте, социаллық-экономикалық, шаңарақлық мүнәсибетлер ҳәм балалар тәрбиясы тараўында, сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўда ҳаял-қызлар менен ерлер ушын тең ҳуқықлар және имканиятларды тәмийинлеў усылар қатарына киреди. Сондай-ақ, стратегияда гендер теңликти тәмийинлеў илажларын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик бағдарламаларды бюджетлестириў ҳәм қаржыландырыў да нәзерде тутылған.
Гендер стратегиясын әмелге асырыўдан салмақлы нәтийжелерге ерисиў күтилмекте. Атап айтқанда, жоқары ҳәм төмен системадағы мәмлекетлик уйымлардың басшылық лаўазымларына ҳаял-қызларды тайынлаў әмелияты кеңейеди. Гендер теңсизлиги бар мәмлекетлик уйымларда ўақытша квоталаў системасын енгизиў арқалы ҳаял-қызлар ҳәм ерлер арасындағы теңлик тәмийинленеди. Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәмийинленген, әсиресе, аўыллық жерлердеги шаңарақлардың ҳаял-қызларын жумыс пенен тәмийинлеў, оларға мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, өзин-өзи бәнт етиўге ерисиледи. Ең тийкарғысы ҳаял-қызларға жумыс орынларындағы қысым ҳәм зорлық етиў жағдайларының алды алынып, жәмийетте оларға қәлиплескен унамсыз көзқарасларға шек қойылады.
Гендер стратегияны әмелге асырыў Өзбекстанның инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы стратегиялық мақсетлер контекстинде қабыл етилген миллий ҳәм халықаралық миннетлемелер (Пекин Декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер режеси, Ҳаял-қызлардың ҳуқықларының кемситилиўиниң барлық түрлерине шек қойыў ҳаққындағы Конвенция, Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм басқалар) ди орынлаўға көмеклеседи.
Сенаторлар тәрепинен жәмийетте гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий, экономикалық белсендилигин арттырыў сыяқлы қурамалы мәселелер тек ғана мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпа емеслиги, бул бағдарда бәршениң белсене қатнасыўын күшейтиў зәрүрлиги бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети