Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, бул әҳмийетли илажда қатнасыўға мирәт еткени ушын Жоқары Мәртебели Мырза Президент Мун Чже Инге өз миннетдаршылығымды билдирмекшимен.

Кореялы шериклеримиз тәрепинен турақлы раўажланыўдың актуал машқалаларын шешиў ҳәм глобал көлемде «жасыл экономика» мәселесин күн тәртибине қойыў бағдарындағы баслама ҳәм ис-ҳәрекетлерди алғыслаймыз ҳәм оларды жоқары баҳалаймыз.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди, атап айтқанда, мырза Пан Ги Мунды Глобал жасыл экономикалық өсиў институты шөлкемлестирилгениниң 10 жыллығы менен шын жүректен қутлықлайман.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Пандемия инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталықтың жағдайы, сондай-ақ, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў бир-бири менен қаншелли байланыслы екенин айқын көрсетти.

Бүгинги күнде ана тәбияттың өзи бизге жоллап атырған сергеклик қоңыраўына бийпәрўа болмаўымыз керек.

Тилекке қарсы, климат өзгерислери барған сайын күшейип бармақта. Биз жасап атырған Орайлық Азияда соңғы 30 жылда орташа жыллық температура шама менен бир дәрежеге көтерилди.

Регионымыздағы тийкарғы дәрьялардың бассейни ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликтиң қысқарып баратырғаны айрықша қәўетер оятпақта.

Парланыў дәрежесин арттыратуғын газлер ҳәм атмосфераның кең көлемде патасланыўы машқалаларды және де тереңлестирмекте.

Бүгинги күнде «жасыл раўажланыў» бағдарындағы мақсетлерге ерисиў ушын мәмлекетлердиң ҳәрекетлери және де белсенди ҳәм нәтийжели болыўы кереклигине ҳеш ким гүман етпей атыр. Басқа илажымыз да жоқ.

Биз Өзбекстанда бул бағдардағы әҳмийетли жумысларды басладық.

«Жасыл экономика»ға өтиўдиң кең қамтыўлы стратегиясын, сондай-ақ, қайта тикленетуғын ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырмақтамыз.

Париж келисими шеңберинде биз 2030-жылға барып ҳаўаға зыянлы газлер шығарыўды 10 процентке азайтыў миннетлемесин мойнымызға алдық.

Биз регионда биринши болып Глобал жасыл экономикалық өсиў институтына қосылдық ҳәм бул структураның ўәкилханасын Өзбекстанда ашыў нийетиндемиз.

«Жасыл экономикалық тиклениў» тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларына тоқтап өтпекшимен.

Бириншиден, «жасыл технологиялар»ды кеңнен енгизиў есабынан Арал теңизи апатшылығының глобал ақыбетлерин сапластырыў әҳмийетли болып есапланады.

Бул мәселе бойынша биз шериклеримиз бенен, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанында дүзилген арнаўлы Траст фонды ҳәм P4G платформасы шеңберинде жедел бирге ислесиўди жолға қоймақшымыз.

Күни кеше Өзбекстанның басламасы тийкарында Арал теңизи регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШтың арнаўлы резолюциясы қабыл етилиўин қоллап-қуўатлағаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремен.

Екиншиден, «жасыл энергетика»ны раўажландырыў арқалы углерод жанылғысына ғәрезлиликтен қутылыўға умтылмақтамыз.

Биз қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша ири жойбарларды әмелге асырыўды басладық. Жақын он жыл даўамында қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин үш есеге көбейтиўди мақсет еткенбиз.

Буннан тысқары, регионымыздың гидроэнергетика тараўындағы үлкен потенциалын иске қосыўда қоңсы мәмлекетлер менен тығыз бирге ислесип атырмыз.

Келеси жылы Өзбекстанда «Раўажланып атырған мәмлекетлер ушын жасыл энергетика» атамасында халықаралық конференция өткериўге таярмыз.

Үшиншиден, «жасыл экономика»ны жаратыўда жасларды жедел тартыў бойынша Арнаўлы бағдарламаны әмелге асырыўға кирисиўди усыныс етемиз.

Бул келешекте «жасыл», яғный, экологиялық таза өнимлерди тутыныў мәдениятын қәлиплестириўге үлкен имканият жаратады.

Төртиншиден, финанс секторы ҳәм инвесторлардың «жасыл технологиялар»ға барған сайын артып баратырған исенимин хошаметлеў нийетинде тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў тәрепдарымыз.

Усы мақсетте Өзбекстан P4G бағдарындағы шерикликке қосылыў ҳәм оның толық ҳуқықлы қатнасыўшысына айланыўға таяр.

Сөзимниң ақырында бүгинги саммит нәтийжелери бул әҳмийетли халықаралық экологиялық платформа шеңберинде бизиң әмелий шериклигимизди кеңейтиўге хызмет етеди, деп исеним билдиремен.

Бәршеңизге табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.