Усы жылдың өткен дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы бойынша улыўма 5 адам суўға ығып қайтыс болған. Аянышлысы, олардың төртеўи мектеп оқыўшылары – жас өспиримлер есапланады. Бул ҳаққында ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы баспасөз хызмети хабар берди.

 

Басқарманың рәсмий мағлыўмат бериўинше, усы жылдың 29-май күни саат 15:45 те Нөкис қаласы аймағынан ағып өтетуғын «Дослық» («Қызкеткен») каналында 2010-жылы туўылған жас өспирим Ж.Қ. ҳәм 2011-жылы туўылған жас өспирим С.Е. суўға ығып қайтыс болған.

 

Айрықша жағдайлар басқармасы пуқаралардан перзентлерин қадағалаўсыз қалдырмаў, белгиленбеген орынларға (каналлар, жаплар) шомылмаўды сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.