Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-май күни көп қабатлы турақ жайлар қурыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў системасын жетилистириў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Елимизде қала ҳәм аўылларды жаңалаў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў бойынша кең көлемли ҳәм мәнзилли жумыслар әмелге асырылмақта. Соңғы үш жылда улыўма майданы 41 миллион квадрат метр болған 155 мың квартира пайдаланыўға тапсырылды. Көп квартиралы турақ жайлар саны 3 есеге артты.

Жаңа жайлар, заманагөй массивлердиң көбейиўи менен оларға хызмет көрсетиўдиң әҳмийетли екенлиги артып бармақта. Бул бойынша өткерилген сораўларда көп қабатлы жайларда жасаўшы 35 процент халық көрсетилип атырған хызметлерден наразы екенин, 65 проценти ширкетлер жумысын әмелде сезбей атырғанын айтқан.

Буған себеп ­ көп ширкетлердиң өзи финанслық аўыр жағдайда. Жақсы хызмет көрсетип, адамлардың исенимине ерисе алмай атыр. Жеңилликлер берилгенине қарамастан, кредитлер ўақтында сөндирилмей атыр.

Соның менен бирге, турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында қаржыларды нәтийжесиз жумсаў, бюджет қаржыларын талан-тараж етиў жағдайлары жүдә көп. Атап айтқанда, кейинги 2 жылда тараўдың 100 ге шамалас лаўазымлы шахслары коррупциялық жынаятларды ислегени ушын жуўапкершиликке тартылған.

Мәжилисте көп қабатлы жайларға хызмет көрсетиўди жақсылаў ҳәм турақ жай фондын жаңалаў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Ўәлаят орайлары, сондай-ақ, Нөкис, Шыршық ҳәм Ангрен қалаларында айырым массивлерди, тәжирийбе сыпатында, квалификациялы басқарыў-сервис компанияларына бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул компаниялардың жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў енгизиледи. Хызмет көрсетиўи жақсы болғанларына объект саны көбейтип бериледи. Барлық басқарыў-сервис компанияларында 24 саат ислейтуғын буйыртпа бериў орайлары дүзиледи.

Және бир әҳмийетли мәселе ­ көпшилик жағдайларда, ширкетлердеги қарыздарлық хызметлер баҳасындағы сәйкес келмеўшилик себепли келип шығатуғын еди. Енди, турақ жайларды сақлаўдың минимал хызметлери ҳәм нормаларын жергиликли кеңеслер халық пенен келискен ҳалда тастыйықлайды. Бунда, аймақлық коммуналлық хызмет басқармасы тариф параметрлерин бәнтпе-бәнт тийкарлап, ислейтуғын жумыслары ҳәм көрсететуғын хызметлери бойынша режелерин усынады.

Социаллық реестрге кирген мүтәж шаңарақларға турақ жайларды сақлаўға мәжбүрий төлемлер ушын субсидия ажыратылады.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине усы жыл 1-октябрьден баслап мәжбүрий төлемлерди биллинг системасында әмелге асырыў бойынша бирден-бир электрон платформаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Жаңадан қурылған 3 мың көп квартиралы жайларға хызмет көрсетиў жолға қойылмағаны көрсетип өтилип, олар ушын басқарыў компанияларын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

­ Инсанның жасаў шараяты жақсы болмаса, шаңарағында тынышлық, жумысында өнимдарлық болмайды. Мениң ең үлкен тәшўишим ­ жойбар сапалы емес. Егер қурылыста коррупция факторларын жоқ етип, экономикалық көзқарастан халықтың пулын қадағалаўды күшейтсек, нәтийже басқаша болады, ­ деди мәмлекетимиз басшысы.

Быйылғы жылда авариялық жағдайдағы 212 еки қабатлы жайларды реновация тийкарында жаңадан қурыў режелестирилген. Сондай-ақ, быйылғы жылда 456 авариялық жағдайдағы еки қабатлы жайларды оңлаў жумыслары жуўмағына жеткериледи. Буннан тысқары, быйыл 2 мың 400, келеси еки жылда 4 мың 100 көп квартиралы жайларды оңлаў керек.

Усы мақсетте Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанында жайларды оңлаўды қаржыландырыў бойынша арнаўлы қор шөлкемлестирилиўи белгиленди. Оның қаржылары тең үлеслерде республикалық ҳәм жергиликли бюджет есабынан қәлиплестириледи. Быйылғы жылда усы тәризде жәми 220 миллиард сум ажыратылатуғыны, қалған 100 миллиард сумга халықтың қаржылары тартылатуғыны атап өтилди.

Солай етип, көп қабатлы жайларды оңлаў қәрежетлериниң 30 проценти мүлк ийелери тәрепинен, қалған 70 проценти болса қордың қаржыларынан әмелге асырылады.

Ўәлаят ҳәкимлерине бул қаржылардан мақсетли пайдаланған ҳалда реновация ҳәм оңлаў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте ыссылық системасын модернизациялаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Қалаларымызда 15 мың көп қабатлы жай орайласқан ыссылық тармақларына жалғанған. Лекин, 2 мың километр қубырлар жарамсыз аўҳалда болып, тармақтағы шығынлар орташа 40 процентти қурамақта.

Сонлықтан жыл ақырына шекем 56 қазанхана қурыў ҳәм реконструкциялаў, 205 километр тармақларды оңлаў арқалы 2 мыңнан зыят көп қабатлы жайларды орайлық ыссылық тармағына жалғаў илажлары белгиленди.

­ Жаңа көп қабатлы жайларды бир пүтин массив формасында қурыўдан мақсет ­ энергия ресурсларын, инфраструктура қәрежетлерин үнемлеў. Лекин, бул бойынша министрликте де, аймақларда да елеге шекем бирден-бир қатнас жоқ, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Турақ жайларды заманагөй ыссылық тәмийнатына өткериў, буған жеке секторды кең тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Быйыл 183 жаңа турақ жай массивлери қурылмақта. Оларға 185 километр ишимлик суўы, 290 километр ақаба системасы, 130 километр электр, 110 километр тәбийғый газ тармақлары тартылады. Буның ушын зәрүр 415 миллиард сум қаржының дәреклери анық.

Жуўапкерлерге бул массивлерди инфраструктура менен сапалы тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Азия раўажланыў банкиниң 50 миллион доллар кредити есабынан халық тығыз, турақ жайға талап жоқары болған районларда кеминде 3 мың квартиралы көп қабатлы жайлар қурылатуғыны атап өтилди.

Турақ жайдың басланғыш төлеми ушын субсидия төлеў тәртибин әпиўайыластырыў ҳәм мүддетин қысқартыў бойынша көрсетпе берилди.

Аймақларды абат етиў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша орынланып атырған жумысларға да тоқтап өтилди. Быйылғы жылда 7 мың 794 аўыл ҳәм мәҳәлледеги шараятларды жақсылаў ушын 18 триллион сум қаржы жумсалған. Буннан тысқары, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаўға және 300 миллион доллар ажыратылған.

Президентимиз бул бағдардағы жумыслардың орынланыўын сынға алып, жуўапкерлерге артта қалыўшылықты сапластырыў ҳәм жойбарларды сапалы орынлаў бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА