Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-май күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министри Михаил Мурашконың басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Өзбекстан менен Россия арасында денсаўлықты сақлаў тараўындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги қәўип-қәтерлер алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында нәтийжели денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў оғада әҳмийетли екенин және бир мәрте көрсеткенин айрықша атап өтти. Пандемияға қарсы гүресиўде көрсетилген жәрдем, соның ишинде, халықты емлеўде әмелге асырылып атырған нәтийжели бирге ислесиў ушын миннетдаршылық билдирилди.
Тийкарғы бағдарларда, соның ишинде, онкология, гематология, вирусология, нефрология, трансплантология, фармакология ҳәм басқа да тараўлардағы биргеликтеги бағдарлама ҳәм анық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. «Электрон денсаўлықты сақлаў» системасын енгизиў ҳәм телемедицинаны кеңнен раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жоқары тәжирийбели медицина хызметкерлерин таярлаў бағдарындағы тығыз шерикликти даўам еттириў, соның ишинде, Ташкент қаласында Россияның жетекши Н.И.Пирогов атындағы медицина университети филиалының жумысын тез пурсатта шөлкемлестириў, сондай-ақ, Россияның жетекши клиникалары негизинде врачлар алмасыў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бағдарламаларын кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.
Денсаўлықты сақлаў министри Михаил Мурашко мәмлекетимизде халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, Россия өзбекстанлы шериклер менен денсаўлықты сақлаў тараўындағы кең көлемли системалы бирге ислесиўди раўажландырыў және медицинаның түрли тараўларында заманагөй билимлер ҳәм алдынғы тәжирийбе менен бөлисиўге таяр екенин атап өтти.
ӨзА