2021-жыл 19-май күни Қарақалпақстан хабар агентлиги сайтында журналист Адилбай Оразов тәрепинен «Жүзимгүлдиӊ машқаласы неге итибарсыз қалмақта ямаса «Ўзбегим аёли» сыйлығыныӊ жеӊимпазы не себептен жәбир көрип атыр?» атлы мақаласы жәрияланған еди. Жақында усы мақала бойынша Нөкис районы ҳәкимлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.
Атап айтқанда онда, Мүрәжат ийеси Ж.Бекбергенова өз басқарыўындағы «MAJIT JU’ZIMGUL» фермер хожалығына ажыратылып берилген жер майданларының бир бөлегин район ҳәкимлигиниң резерв жер қорына қайтарыў ҳаққындағы район ҳәкими атына 2019-жыл 8-июль күни берилген мүрәжаты сол ўақыттағы район ҳәкими А.Сейтаховтың көрсетпеси менен орынлаў ушын районлық Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры (Б.Сапарниязов)на жүкленген. Район ҳәкиминиң 2019-жыл 25-сентябрь күнги 2364/9–санлы шешими менен «MAJIT JU’ZIMGUL» фермер хожалығына тийисли жер майданларының бир бөлеги, яғный, улыўма майданы 47,75 гектар соннан, 41,48 га сүрим жерлер, 0,99 гектар жайлаў жерлери ҳәкимлик резерв жер қорына қайтарып алынғаны, бирақ, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутаты болған Ж.Бекбергенованың бул ис-ҳәрекетлериндеги тийкарғы мақсети, егислик жер майданларына мәмлекетлик салықтың көп төленетуғынлығын, ал жайлаў жер майданларына мәмлекетлик салық төленбейтуғынлығын жақсы түсингенликтен, хожалығы есабындағы егислик жерлердиң көпшилигин жер майданларын резерв қорына қайтарып, баласына шарўашылық бағдарындағы жәмийет шөлкемлестирмекши болғаны айтылған.
Соныӊ менен бирге, район ҳәкимлиги Жүзимгүл Бекбергенова бул орында не ушын шарўашылық бағдары бойынша жәмийет шөлкемлестирмекши болса, фермер хожалығына тийисли жер майданларының жайлаў жерлеринен 50 бас қарамал ушын тек ғана 0,99 га жер майданларын ажыратыў менен шекленгенин түсиниў қыйын екенлиги, резерв қорына қайтарылған жер майданларына «MAXSUT GULISTAN» шаңарақлық кәрханасына жер майданлары ажыратылып берилемен дегенше аўыл хожалығы егинлерин егип келгенин айтып бул алдынғы фермердиӊ унамлы басламасына гүман менен қарап, оннан қәте-кемшилик излеўге ҳәрекет еткен.
Сондай-ақ, ҳәкимликтиӊ жуўабында «JUZIMGUL NAZIGUL» ЖШЖ арзасы 2020-жыл 12-март күни район ҳәкимлигине кирис болып, район ҳәкими тәрепинен М.Қалмуратовқа «Нызам тийкарында көрип шығып жуўап бериў ҳаққында» визаланып шығып, М.Қалмуратов тәрепинен районлық жер ресусрлары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы, сондай-ақ, жер майданларын реализациялаў комиссиясы хаткери Б.Сапарниязовқа нызам тийкарында көрип шығып, орынланыўын тәмийинлеп, нәтийжеси бойынша район ҳәкимлигине ҳәм мүрәжат ийесине жазба түрде жуўап бериў тапсырылғаны, ал, бул жәмийет мүрәжаты районлық жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими тәрепинен кириске алынып, пандемия себепли деген бәнелер менен жуўап хаты берилмей қалынғанлығы анықланғаны ҳәм ҳәзирги район ҳәкими О.Уснатдиновқа 2020-жылдан «MAXSUT GULISTAN» шаӊарақлық кәрханасына ажыратылып берилемен дегенше «JUZIMGUL NAZIGUL» ЖШЖ баслығы тәрепинен мүрәжат келип түспегенлиги айтылады.
Соныӊ менен бирге, усы жерде жас исбилермен «JUZIMGUL NAZIGUL» ЖШЖ баслығы Сәрсенбай Сейтжановтыӊ мүрәжаты Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен тийисли тәртипте үйренип шығылып, оған нызам тийкарында өз ўақтында жуўап берилмегени ҳәм «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы ҳәм Жасларды ҳәм олардыӊ исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳәм республика ҳүкиметиниӊ белгилеп берген қатаӊ тапсырмаларыныӊ не себептен орынланбай атырғанлығы ҳәм усы нызам ҳәм Президентимиз тапсырмаларын белгисиз бәнелер менен белгиленген тәртипте орынламай киятырған Нөкис районы ҳәкиминиӊ орынбасары Мырзамурат Қалмуратовқа қалай түсинсек болады? Себеби, Өзбекстан Республикасыныӊ бир қатар нызамлары тийкарында бундай өз жумысына немқурайдылық пенен қарайтуғын жуўапкер шахсларға тийисли шаралар көрилетуғыны көрсетип өтилген.
Сондай-ақ, ҳәкимликтиӊ рәсмий жуўабында 2021-жыл 16-март күни район ҳәкиминиӊ «MAXSUT GULISTAN» шаӊарақлық кәрханасына жер майданларын ажыратып бериў ҳаққындағы 251/3-санлы шешимин бийкарлап ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судына берилген болып суд тәрепинен 2021-жыл 28-апрель күни 5-2301-2101/283-санлы ашық суд мәжилисинде көрип шығылып, онда Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясының 5-бөлими Нызам талапларына әмел еткен ҳалда, «Мәжит-Жүзимгүл» фермер хожалығына ажыратып берилген жер майданларының бир бөлегин районы ҳәкимлиги резерв жер қорына қайтарып алынғаннан соң, «MAXSUT GULISTAN» шаӊарақлық кәрханасына ажыратып берилген деп табылып, «JUZIMGUL-NAZIGUL» ЖШЖ фермер хожалығы сыпатында дизимге алынбағанлығын есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы 189-статьясына тийкарланып «JUZIMGUL-NAZIGUL» ЖШЖ шағым арзасы қанаатландырылмастан қалдырылғаны ҳәм ҳәзирги ўақытта «JUZIMGUL NAZIGUL» ЖШЖ тәрепинен судқа аппеляциялық шағым арзасы берилгени мәлим етилген.
Соныӊ менен бирге, жуўапта «Мәжит Жүзимгүл” фермер хожалығы 2018-жылдан усы күнге шекем районлық бәнтиликке көмеклесиў орайы жолламасы тәрепинен хеш бир пуқара жумыс пенен бәнт етилмегени ҳәм районлық Статистика бөлиминиӊ “JUZIMGUL-NAZIGUL” ЖШЖ шуғылланыў тараўы 10850-таяр азық аўқат өнимлерин жетистириў болып мәмлекетлик дизимнен өткенлиги себепли аўыл хожалығы егинлерин егип жетистириў ямаса шарўашылық пенен шуғылланыўшы киши кәрханалардың есабат тапсырыўшылар кәрханалары дизиминде жоқ екенлигин ҳаққында мағлыўматлары да келтирип өтилген.
Бизлер Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасыныӊ нызамы, атқарыў тәртиби ҳаққындағы нызам, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм республика ҳүкиметиниӊ Жаслардыӊ исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалары не себептен усы күнге шекем орынланбай киятырғанлығы бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий жуўап күтип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги