Бүгин Тахтакөпир районындағы «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халқымыз ушын қуўанышлы ўақыялардыӊ бири жүз берди.
Атап айтқанда усы жыйын орайында халқымызды жақсылыққа, ийман ҳәм исенимге шарлаўшы Аллаҳ-тааланыӊ үйи деп есапланған «Абдулкәрийим ахун» жәмәәтлик мешитиниӊ ашылыў мәресими болып, оған пүткил республикамыздан елимизге белгили уламалар, жәмийетлик ғайраткерлер ҳәм Тахтакөпир районыныӊ халқы қатнасты.
Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳаўатдинов, Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбыл Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Сайлаўбай Мәмбетқадыров ҳәм тағы басқалар соӊғы жыллары елимизде Президентимиздиӊ басшылығында халқымыздыӊ дин ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў бойынша кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын мақтаныш пенен айтып өтип, бул қурылыстыӊ сапалы питкерилиўине өзлериниӊ салмақлы үлеслерин қосқан бир қатар азаматларға район ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мусылманлар қазыятыныӊ миннетдаршылық хатларын, мешит имамына мешиттиӊ Республика Әдиллик министрлигинен дизимнен өткенлигин тастыйықлаўшы гүўалықларын салтанатлы жағдайда тапсырды. Соӊынан өткен ата-бабалар руўхына Қуран тилаўат, Жума намазы орынланды.
-Ата-бабаларымызға көрсетип атырған айрықша ҳүрмет-иззети ушын Президентимизге, республика ҳәм район басшыларына халқымыз атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди бизге Абдулкәрийим ахунныӊ әўладларыныӊ бири Абдиламит Азизов.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги.