Усы жыл 30-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Республика басшысы өзиниң кирис сөзинде турмысымызда ушырасып атырған мәселелерди унамлы шешиў ҳәм халқымызды буннан ыразы етиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, жуўмақланып атырған жылда халқымыз турмысында бурын болмаған жоқары нәтийжелерге ерисилди. Буған мысал ретинде қысқа ўақыт ишинде қурып питкерилген ҳәм пайдаланыўға тапсырылған «Нөкис электро аппарат», «Нөкис полимер», «Самсунг» бренди астында телевизорлар ислеп шығарыў кәрханаларын, Өзбекистан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернатын, спорт комплексин, муқаддес мешитти, сондай-ақ, «Бухара-Мискин» темир жол линиясының иске түсиўин атап өтсек болады.
Президентимиздиң Денсаўлықты сақлаў тараўына қаратып атырған айрықша итибары нәтийжесинде быйылғы жылдың өзинде 72 тез жәрдем машиналары сатып алынды. Сондай-ақ, Ишки ислер министрлигиниң профилактика инспекторлары ушын хызмет үйлери жаңадан қурып питкерилип, оларға жеңиллетилген кредит тийкарында 372 автомашиналар берилди. Буннан тысқары, барлық Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлимлерине, Мийнет ҳәм бәнтликке көмеклесиў орайларына хызмет автомашиналары ажыратылды. Пайтахтымызда әскерий хызметкерлер ушын 18 квартиралы еки турақ жай қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды. Кем тәмийинленген, турақ жайларға ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға 139 турақ жай бийпул берилди. Нөкис қаласында жәми 315 квартиралы бес қабатлы арзанластырылған жети жайдың қурылысы жуўмақланып, өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.
Келеси 2018-жыл Қарақалпақстанда «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп белгиленип, мәмлекетлик-жеке сектор шериклиги тийкарында 170 бала бақшасын жаңадан қурыў режелестирилмекте. Улыўма келеси жылы республикамыз бойынша 4 триллион сумнан аслам қаржы есабынан 367 ири жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе – 2018-жылғы Бюджет жойбары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министри М.Содиқов баянат жасады.
Биринши мәселе бойынша Қараөзек районының ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм Өзбекистан Республикасы Қаржы министриниң орынбасары А.Кәримов шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирди ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Соң «Дене тәрбия ҳәм спорт ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы И.Юнусов, «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турмановлар баянат жасады. Булар бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сессияда «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға бағдарланған Мәмлекетлик бағдарламаның республика аймағында орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев баянат жасады.
Бул мәселе бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Х.Халимов ҳәм Мойнақ районының ҳәкими С.Данияров шығып сөйледи. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Буннан соң депутатлар «Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўде нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы үстинен прокурор қадағалаўының жағдайы ҳәм оны буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққындағы Республика прокурорының есабаты туўралы» Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Р.Рахматовтың есабатын тыңлады ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда, сондай-ақ, депутатлар Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановтың, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2017-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиевтың баянатларын тыңлады ҳәм қарар қабыл етти.
Сессияда Жоқарғы Кеңестиң айырым комитетлери ҳәм комиссиясы қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 5-августтағы «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Жаслар аўқамын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Жоқарғы Кеңестиң жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мәселелери бойынша комитети шөлкемлестирилди. Депутатлар усы комитеттиң баслығы етип, жәмийетлик тийкарда 52-санлы «Қырантаў» сайлаў округинен депутат, Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияровты сайлады ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Сондай-ақ, депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламент ҳәм депутатлық әдеплилик комиссиясы баслығы лаўазымына 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен депутат К.Кәримовты бир аўыздан сайлады ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығын сайлаў мәселеси көрип шығылып, депутатлар бул лаўазымға Абылай Адиловты сайлады ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген қарарларды тастыйықлады ҳәм қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги