Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң буйрығы тийкарында министрдиң мәсләҳәтшиси, педагогика илимлериниң докторы Одинахон Жамолдинова басшылығындағы жумысшы топар ағзалары мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў ҳәм мәмлекетлик тилде ис жүргизиў жағдайлары үйренилди.
Үйрениў жумыслары барысында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкиметиниң мәмлекетлик тилди раўажландырыў ҳаққындағы пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларға ҳәр тәреплеме баҳа берилди.
Жумысшы топар ағзалары институттың өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлери менен сәўбетлесип, мәмлекетлик тилде жумыс жүргизиўде ушырасып атырған машқалалар, сабақлықлардағы айырым қәте-кемшиликлер ҳәм оларды дүзетиў жоллары ҳаққында пикир алысты.
Азизбек Дабылов, Зерхан Орақбаева
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 2-курс студентлери
Қарақалпақстан хабар агентлиги