Бүгинги глобалласыў процесинде Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы тәрепинен халыққа және де қолайлықлар жаратыў ҳәм системаға заманагөй технологияларды енгизиў, телетамашагөйлер ушын өзлери қәлеген ўақытта ҳәм орында сүйикли телебағдарламаларын жанлы түрде ямаса қайталап тамаша етиўи ушын шараятлар жаратыў, әсиресе, сырт елдеги ўатанласларымызды мәмлекетимизде алып барылып атырған түпкиликли реформалар ҳәм өзгерислер ҳаққында оператив түрде хабардар етип барыў мақсетинде быйылғы жылдың  апрель айынан баслап UZTV платформасы иске қосылды.

Буннан былай интернеттеги www.uztv.tv мәнзилиндеги ОТТ платформасы арқалы Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясының «Oʼzbekiston», «Oʼzbekiston 24», «Yoshlar», «Navo», «Bolajon», «Toshkent», «Sport», «Oilaviy», «Madaniyat va maʼrifat», «Dunyo boʼylab», «Kinoteatr», «Mahalla», ҳәм «Oʼzbekiston tarixi» сыяқлы 13 телеканалын тиккелей ямаса қайталап тамаша етиў имканияты пайда болды.

Ҳәзирги ўақытта платформаның дизайни ҳәм технологиялық жақларын және де жетилистириў, атап айтқанда, енгизилген бул қурылманың жергиликли телевидение ҳәм видеоконтентлерди барлық мобиль қурылмаларына ҳәм Smart-TVларда Өзбекстан аймағы және оннын тысқары да көриў имканиятын жаратыў үстинде кең көлемли жумыс алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, телевидениени Мобиль  арқалы көриў имканиятын беретуғын усы платформа 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалар, соның ишинде, республикамызда қолайлы АКТ-инфраструктурасын жаратыў, бағдарламалық  тәмийнатты ислеп шығыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, «Электрон ҳүкимет» системасын жетилистириў, мобиль ҳәм санлы телевидениени раўажландырыўға  байланыслы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўынан келип шығып енгизилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги