Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Гематология ҳәм онкология бағдарларында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бул тараўда халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын, көлеми ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, наўқаслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў және оларды зәрүр дәри қураллары менен үзликсиз тәмийинлеў, емлеўханаларды заманагөй диагностика лабораториялары ҳәм медициналық техникалар менен үскенелеў мақсетинде:

  1. Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медициналық орайы Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Арнасай көшесинде жаңадан қурылып атырған медицина мәкемесиниң имаратларына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул жайластырылсын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев):

Қурылыс министрлиги (Б.Зокиров) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем жаңа имаратларды заман талаплары тийкарында, атап айтқанда оларда үлкен жастағылар ҳәм балалар ушын өз алдына хирургиялық, жанландырыў, интенсив терапия, трансфузиология ҳәм трансплантология бөлимлери, сондай-ақ, радио диагностика ҳәм радио емлеў бөлимлери, бактериологиялық лаборатория, арнаўлы аўқат таярлаў бөлимин, балаларға билим алыў имканиятын жаратыўды нәзерде тутқан ҳалда қурылыс жумысларының алып барылыўы ҳәм медициналық техникалар менен үскенелениўин тәмийинлесин;

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы жанында жаңа имаратларға жайластырылып атырғанын есапқа алып, оның структурасы, штатлар кестеси ҳәм қәрежетлер сметасын қайта көрип шығып тастыйықласын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы жанында Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

2022-жыл 1-январьдан баслап Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайы Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий медицина орайының қурамынан шығарылып, еркин орай сыпатында жумыс алып баратуғыны;

Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайы Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Арнасай көшесинде жаңадан қурылып атырған медицина мәкемесиниң имаратларынан бирине оператив  басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылатуғыны;

2021-2022-жыллары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы балалар көп тармақлы медицина орайларының балалар гематологиясы бөлими тийкарында улыўмалық штатлар ҳәм стационар орынлар шеңберинде Балалар гематологиясы ҳәм онкологиясы бөлимлери шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артиқходжаев), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (У.Собиров), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Қурылыс министрлиги (Б.Зокиров) 2021-жыл 1-сентябрьге шекем Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий медицина орайы ушын Ташкент медицина академиясы клиникасының бос турған аймағында заманагөй жаңа имаратлар комплексин қурыў ҳәм үскенелеў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шықсын.
  2. Республикалық гематология, онкология ҳәм радиология орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жумысшы топар қурамы 1-қосымшаға муўапық тасытыйықлансын.

Жумысшы топар (Б.Мусаев):

2021-жыл 1-сентябрьге шекем Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Арнасай көшесинде жаңадан қурылып атырған медицина мәкемеси тийкарында 300 орынлық заманагөй Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы жумысы алдыңғы сырт ел медицина мәкемелериниң тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жолға қойылыўын;

еки ай мүддетте Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайының жумысын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў, потенциаллы кадрлар менен тәмийинлеў ҳәм үскенелеў концепциясының ислеп шығылыўын;

Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайының жумысын шөлкемлестириўге сырт ел экспертлери ҳәм жетекши илимий-изертлеў мәкемелериниң тартылыўы, қаржылай, шөлкемлестириў ҳәм басқа да зәрүр илажлар әмелге асырылыўын;

сүйек жилигиниң өзек клеткаларын көширип өткериў әмелиятын биринши басқышта Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайында, кейин ала болса Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайында да енгизилиўин;

Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы ушын қурылатуғын имарат-объектлер комплекси тараўдағы алдыңғы медицина мәкемелериниң тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда шөлкемлестирилиўин;

орайлар жайластырылатуғын имаратларды оңлаў ҳәм үскенелеў стандартлары бул тараўдағы алдыңғы сырт ел медицина мәкемелериниң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылыўын ҳәм үскенелениўин тәмийинлесин.

5.Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) онкология жәрдемин жетилистириў ҳәм онкология хызметин және де раўажландырыўға байланыслы қәрежетлер ушын Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылы қосымша 60 миллиард сум және 2022-жылдан баслап 125 миллиард сумнан аз болмаған муғдарда қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. 2022-жыл 1-январьдан баслап қызлар ҳәм ҳаяллар арасында онкологиялық кеселликлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм ерте диагностикалаў төмендеги миллий бағдарламлар тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин:

9-14 жастағы жас өспирим қызларды адам папилломасы вирусына вакцина менен шанышыў;

30-55 жастағы ҳаял-қызлар арасында жатыр мойны ҳәм   46-65 жастағы ҳаял-қызлар арасында көкирек бези раги скрининги.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы және район (қала) ҳәкимлери усы бәнтте белгиленген ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм ерте диагностикалаў миллий бағдарламларының тийисли аймақларда нәтийжели ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеўге және ажыратылып атырған қаржылардың мәнзилли жумсалыўына жеке жуўапкер болып есапланады.

  1. Район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларының «Ҳаял-қызлар мәләҳәтхана»лары қурамында турақлы түрде ҳаял-қызлар арасында кең көлемли басланғыш тексериўлерди әмелге асыратуғын «Онко-қадағалаў» (Cancer – қадағалаў) ханалары шөлкемлестирилсин.

Бул ханалар 2022-жыл 1-январьдан баслап аймақлық денсаўлықты сақлаў улыўмалық бюджет фонды шеңберинде шөлкемлестирилетуғыны;

усы ханалардағы тексериўлердиң сапасы Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы тәрепинен арнаўлы мәлимлеме басқарыў системасы арқалы қадағаланатуғыны белгиленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Э.Баситханова) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

еки ай мүддетте усы қарардың 7-бәнтинде белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша мәнзилли бағдарламаларды ислеп шықсын;

2021-жылдың ақырына шекем «Онко-қадағалаў» (Cancer -қадағалаў) ханаларында жумыс ислейтуғын шыпакерлерди таярлаў жумысларын жуўмақласын;

2022-жыл 1-январьға шекем «Онко-қадағалаў» (Cancer -қадағалаў) ханаларының зәрүр медициналық техникалар менен үскенелениўин тәмийинлесин.

9.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:

«Онко-қадағалаў» (Cancer -қадағалаў) ханаларының шөлкемлестирилиўине жеке жуўапкер болып есапланатуғыны;

өз аймақларында гематологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм табыслы емлеў көрсеткишлериниң артыўы, кеселлик ақыбетинде жүз беретуғын өлимшилик жағдайының азайыўына ерисилгени олардың жумысының нәтийжелилигин баҳалаўда тийкарғы өлшемлерден бир  сыпатында тән алынатуғыны белгиленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Азимов) еки ҳәпте мүддетте, бурынғысынан басқаша түрде, 2019-2021-жыллары дүзилген (дүзилетуғын) шәртнамалар тийкарында Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйыртпасына муўапық импорт етилген медициналық буйым ҳәм техникалар, дәри-дәрмақлар, «Еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режиминде рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң аймақларда гематология ҳәм онкология хызметлериниң сапасын арттырыў, аймақлық көп тармақлы медицина орайлары ҳәм онкология диспансерлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 2-қосымшаға муўапық тастыйықланатуғын медициналық техникалар ҳәм жумсалатуғын материалларды орайластырылған тәртипте сатып алыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы  бәнтте нәзерде тутылған зәрүр қаржылардың  40 проценти   2021-жыл 15-июньге шекем, қалған  60 проценти  2021-жыл  1-октябрьге шекем жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери  есабынан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларды саламатландырыўға жәрдем бериў қорына өткерилиўин тәмийинлесин.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), зәрүр жағдайларда, усы бәнтте көрсетилген медициналық техникаларды сатып алыў қәрежетлери ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджети,  ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен  2022-жыл 1-июньге шекем қайтарып бериў шәрти менен бюджет ссудаларын ажыратсын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигине усы қарардың 11-бәнтинде сатып алыныўы белгиленген медициналық техникаларды жеткерип бериў ҳаққындағы импорт шәртнамаларын «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» МУКта комплексли экспертизадан өткерген және контракт дүзилгенлиги ҳаққындағы мәлимлемени арнаўлы мәлимлеме порталына жайластырған ҳалда, ислеп шығарыўшылардың ең жақсы усынысларын таңлап алыў жолы менен тиккелей дүзиўге руқсат берилсин.
  2. 2021-жыл 1-июньнен баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

гематология, онкология, клиникалық иммунология, трансфузиология ҳәм усы тараўдағы лаборатория бағдарлары бойынша жас қәнигелердиң сырт елдеги жетекши илимий ҳәм медициналық орайларының жумыс орынларында тәжирийбе арттырыўы ҳәм стажировка өтеўине байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет және Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларды саламатландырыўға жәрдем бериў қорының қаржылары есабынан толық қаплап бериледи;

наўқаслардың онкология ҳәм гематологияға қәнигелестирилген мәмлекетлик медицина мәкемелери жолламалары тийкарында  пазитрон-эмиссион томография тексериўден өтиўине байланыслы қәрежетлери Мәмлекетлик бюджеттен қапланады;

онкология ҳәм гематологиялық наўқаслардың Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан республикалық қәнигелестирилген орайларына  темир жол ҳәм авиатранспорт қураллары арқалы келиўи менен байланыслы қәрежетлер тийисли жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан толық қаплап бериледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (У.Собиров), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Транспорт министрлиги (И.Маҳкамов)  бир ай мүддетте усы бәнтте белгиленген қәрежетлерди мәмлекет тәрепинен қаплап бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм  тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов, У.Собиров, Э.Баситханова) үш ай мүддетте Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары, гемотологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлерди азайтыў бойынша унамлы тәжирийбеге ийе сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында төмендегилерди нәзерде тутатуғын гемотологиялық ҳәм онкологиялық  кеселликлерди ерте анықлаў бағдарламасын тастыйықласын:

басланғыш буўын  шыпакерлериниң гематологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлер  ҳаққындағы сергеклигин арттырыў  бойынша қысқа мүддетли семинар-трениглер өткериў;

медицина бирлеспелери лабораторияларының анықлық дәрежесин арттырыў,  лаборотория шыпакерлериниң анализлерди таллаў маманлығын арттырыў;

халықтың онкогематологиялық билимданлығын арттырыў  бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын жеделлестириў.

Мәлимлеме ҳәм  ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги  (А.Кўчимов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте  гематологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлерди ерте диагностикалаўдың абзаллықларын сәўлелендиретуғын анық санлар, турмыслық мысаллар жәрдеминде қысқа метражлы видео ролик, қолланбалар таярлаў ҳәм жәмийетшиликке жеткериў бойынша зәрүр илажларды көрсин.

  1. 2021-2022-жыллар даўамында халық арасында гематологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, наўқасларды емлеў ҳәм олардың профилактикасын күшейтиў ушын сырт ел грантлары, техникалық ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыўдың мақсетли көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери және инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Б.Абидов усы  қарарға 3-қосымшада  нәзерде тутылған мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи ушын жеке жуўапкер етип белгиленсин.

Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзақов:

усы қарарға 3-қосымшада нәзерде тутылған мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўы ҳаққында хәр шеректиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип  барсын;

халық, атап айтқанда, Аралбойы регионындағы балалар арасында гемотологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, наўқасларды емлеў ҳәм олардың профилактикасын күшейтиў ушын системалы түрде грант қаржыларын тартыў  илажларын көрсин.

  1. Гематологиялық, онкологиялық ҳәм нәсиллик иммунологиялық кеселликлерге шатылған пуқараларға көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде наўқаслардың электрон дизимин жүргизиў системасы  енгизилсин.

Денсаўлықты  сақлаў министрлиги (А.Азизов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (О.Пекось) менен биргеликте  2021-жылдың ақырына шекем наўқаслардың электрон дизимин, соның ишинде, онда гематологиялық ҳәм онкологиялық наўқаслардың дизимин қәлиплестириў, олардың электрон медициналық карталарын жүргизиў ҳәм наўқасларды емлеў процесслерин бақлаў имканиятларының жаратылыўын нәзерде тутқан ҳалда ислеп шықсын.

  1. Гематология ҳәм онкология хызметлерин және де раўажландырыўға бағдарланған илажлар режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (У.Собиров):

а) еки ай мүддетте:

гематология ҳәм онкология кеселликлерин емлеўде пайдаланылатуғын дәри қуралларының дизимин, олардың нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда, қайта көрип шықсын ҳәм ҳәр жылы жаңалап барсын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

б) үш ай мүддетте Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (С.Кариев) менен биргеликте онкологиялық наўқаслардың емлеп болмайтуғын басқышында оларға наркотик ҳәм психотроп қуралларды буйырыў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, аўырыў қалдырыўшы наркотик инъекциялық емес қуралларды әмелиятқа енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

в) 2022-жыл 1-мартқа шекем  үлкен жастағылар ҳәм балаларда гематологиялық, онкологиялық ҳәм иммунологиялық кесселиклерди диагнозлаў, емлеў және наўқасларға паллиативлик жәрдем көрсетиў стандартларын ҳәм клиникалық протоколларды Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары тийкарында қайта ислеп шықсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев ҳәм оның орынбасары У.Ю.Собиров белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Б.М.Мусаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 27-май