Бажыхана уйымларының елимиздеги экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекеттиң сыртқы саўда айланысы көлемин арттырыў, мәмлекетлик бюджетке валюта түсимин тәмийинлеўдеги орны үлкен. Сонлықтан, бажыхана системасында коррупция иллетин түп-тийкарынан жоқ етиў, оған қарсы гүресиў бойынша кескин түрдеги бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

«Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында исбилерменлик субъектлери менен өткерилген ушырасыўда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар атап өтилип, қабыл етилген нызамшылық талаплары, сондай-ақ, пара алыў, пара бериў және пара алыс-берисинде дәлдалшылық еткени ушын көрилетуғын жаза түрлери туўралы түсиниклер берилди. Мысаллар келтирилип, ақыбетлери мәлим етилди.

– Басқарманың Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм өз қәўипсизлиги бөлими  тәрепинен коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мақсетинде жыл басынан берли 16 ушырасыў, 20 хызметкер менен жеке тәртиптеги профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилди,-дейди басқарма қәнигеси Ю.Қудиярова.

Ушырасыўда исбилерменлерге бажыхана рәсмийлестирилиўин ямаса қадағалаўын билқастан кешиктириў, система хызметкерлериниң материаллық ҳәм руўхый мәп талап етиў жағдайлары және коррупцияның басқа да белгилери анықланса, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм басқарманың (61) 224-90-86 исеним телефонларына хабарлап, мүрәжат етиўи соралды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги