Қараөзекли Нийетбай Оразбаевты район халқы сүўретлеў өнери бойынша муғаллим сыпатында таныйды. Бирақ, ол соӊғы ўақытлары социаллық тармақларда өзиниӊ мүсиншилик саласында дөреткен дөретпелери менен пүткил дүньядағы көркем өнер ықласбентлерине кеӊнен мәлим болып келмекте.
-Бүгинги адамзат жәмийети барлық тараў хызметкерлеринен заман менен теӊ қәдем таслап мийнет етиўди талап етпекте,-дейди бизге Нийетбай Оразбаев.-Сонлықтан мен де интернет тармақлары арқалы раўажланған еллердиӊ художник ҳәм мүсиншилери тәрепинен исленип атырған жумыслардан хабардар болып, олардыӊ жумыс ислеў усыллары менен танысып, өзимниӊ билмеген нәрселеримди үйренип бараман. Әсиресе, маған украиналы мүсинши Владимир Колесниковтыӊ жумыс ислеў усыллары унайды. Оны мен мүсиншилик тараўы бойынша бүгинги күндеги устазым деп есаплайман…
Ҳақыйқатында да соӊғы ўақытлары Нийетбай Оразбаев украиналы мүсинши менен интернет тармағы арқалы өз-ара пикирлесип, жумыс мәселесинде оннан сабақ алып турады. Владимир де өз гезегинде Нийетбайға мүсиншилик сырларын үйретиў менен бирге, шәкиртиниӊ дөреткен дөретпелерин ютуб арқалы жәмийетшиликке жәриялап, оны қоллап-қуўатлап барады. Сондай-ақ, Нийетбай Оразбаевты соӊғы ўақытлары район ҳәкими Узақберген Утамбетов та жақыннан қоллап-қуўатлап келмекте.
-Район ҳәкими жақында мениӊ дөреткен дөретпелерим менен танысып, бир қанша мийнетлеримди районда ашылып атырған музейге алды ҳәм маған район парки ҳәм ҳәкимлик имараты дөгерегин безеў ушын жаӊа буйыртпалар берди. Соныӊ менен бирге , Қабақлы ата, Жийен жыраў, Өтеш шайырдыӊ мүсинлерин жараттым. Алдағы ўақытлары районымызда мүсиншилик бойынша жаӊа дөретпелер дөретип, Қараөзек районындағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде жасларды тәрбиялап, Қарақалпақстанныӊ көркем өнерин пүткил дүньяға танытыўды қәлеймен,-дейди Нийетбай Оразбаев.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги