24-май күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Музыкалы театр режжиссиёрлығы тәлим бағдарының 1-курс студенти Элеонора Қыдырбаеваның өзиниң қол мийнетинен дөреген “Жазғы коллекция” атлы кийимлер көргизбеси болып өтти. Көргизбеге студент-жаслар ҳәм устазлар қатнасты.

Элеонораның тигиўшиликке болған қызығыўшылығы Нөкис санаат ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи тигиўшилик қәнигелигинде оқып жүрген ўақытларында оянған. Оның ата-анасы қызының шебер тигиўши болыўын қәлеген. Бул көргизбедеги сулыў ҳәм әжайып кийимлерди 11 күнде тигип үлгерген. Ол ҳәзирги ўақытта ата-анасының исенимин ақламақта. Дәслепки тигиўшилик сырларын Қәнигүл Даўқараева ҳәм Инжигүл апалардан үйренген.

Ол кийимлер келешекте тигип, өзиниң жеке бизнесин жолға қойыўды нийет етпекте. Бул жолда жас исбилерменге табыслар тилеймиз.

 

Г.Жартыбаева,

ҚМУдың Журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги