Әзиз дослар!
Ең дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси атынан баспа ҳәм полиграфия пидайыларын, радио ҳәм телевидение жәмәәтлерин, барлық журналистлеримиз бенен дөретиўши инсанларды, тараў ветеранларын 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Өзлериңиз жақсы билесизлер, елимизде Биринши Президентимиз И.А.Каримовтың басламасы менен тараўды түпкиликли реформалаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кадрлардың кәсиплик потенциалын арттырыў бағдарында қолға алынған жумыслар бүгинги күнде және де нәтийжели даўам етпекте.
Жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың мәплерин қорғаў, мүшкилин аңсат етиў, оларға мүнәсип мийнет ҳәм турмыс шараятларын жаратыў, усы мақсетте инсанлар менен ашық-айдын пикирлесиў орнатыў бағдарындағы ийгиликли ислерди бүгин халқымыз айрықша қанаатланыўшылық пенен күтип алмақта.
Бүгинги сәне мүнәсибети менен Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында билдирилген «Халық пенен пикирлесиў, адамлардың арзыў-умтылыслары, дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип атырған бүгинги күнде ҳәр бир ғалаба хабар қуралы шын мәнисиндеги пикирлесиў майданшасына, еркин пикир минберине айланған жағдайда ғана биз өз алдымызға қойған мақсетлерге ерисе аламыз», деген баҳалы пикирлер тараў хызметкерлерин, барлық дөретиўши инсанларды халықтың ишине еле де тереңирек кирип барыўға, олардың турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды унамлы шешиўге үлес қосыўға руўхландырады, деп беккем исенемиз.
Соны да атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен «Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы арнаўлы Пәрманның қабыл етилиўи елимизди және де турақлы пәтлер менен раўажландырыў ушын пүткиллей жаңаша қатнас ҳәмде принциплерди турмысқа енгизиўде айрықша орын тутпақта.
Бул өз гезегинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен үзликсиз излениўди, турмысымызда жүз берип атырған ҳәрқандай өзгерислер менен жаңаланыўлар процесиниң мазмун-мәнисин халқымызға кең түрде ҳәм ҳәр тәреплеме тәсиршең усылда үгит-нәсиятлаўды, бир сөз бенен айтқанда, бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўир менен тең қәдем таслаўды талап етпекте.
Өйткени, бул кәсип ийелери ҳаққында сөз болғанда халқымыз ең дәслеп елимизде жәмийетлик-сиясий реформаларды, демократиялық жаңаланыўларды кеңнен ен жайдырыўға үлес қосып киятырған, жаңаша пикирлейтуғын, бәршени ийгиликли мақсетлерге бағдарлайтуғын инсанларды көз алдына келтиреди.
Бирақ соны умытпаўымыз керек, ҳәзирги раўажланыўлар дәўири баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларына ҳәмде олардың дөретиўшилик жәмәәтлерине жаңаша талаплар қоймақта. Халықтың тез ҳәм исенимли мағлыўматқа болған талабын қанаатландырыў, ең заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен пайдаланыў, телевидение көрсетиўлери менен радиоеситтириўлердиң, полиграфия өнимлериниң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бүгинги күндеги кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларымыздан саналады.
Бунда тараў хызметкерлериниң еркин жумыс алып барыўы ушын ҳуқықый тийкарлардың беккемленгени, мәмлекетимиз тәрепинен дөретиўши инсанлардың материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлениўи баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары жумысларының тез пәт пенен раўажланыўына беккем тийкар салмақта.
Быйылғы жылы жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериўде айрықша әҳмийетке ийе Қарақалпақстан радиоканалы, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда салмақлы орны бар «Әмиўдәрья» журналы, балаларымыздың сүйикли басылымы саналған «Жеткиншек» газетасы өзлериниң 85 жыллығын, ғәрезсизлигимиздиң жемиси болған «Қорақалпоғистон тонги» газетасы 25 жыллығын, сондай-ақ, бир қатар районлық ҳәм тараўлық басылымлар өзлериниң қутлы сәнелерин кең түрде белгилеп атыр.
Бул мағлыўматлар қарақалпақ журналистикасы мүнәсип раўажланыў басқышларынан өтип, тараўда ылайықлы кадрлар потенциалы қәлиплескенин, олардың материаллық-техникалық базалары беккемленгенин және бир мәрте дәлиллейди.
Қәдирли дослар, тараў пидайылары!
Бәршеңизди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық, бахыт-ығбал, дөретиўшилик жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси | Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси |