Ҳәммемизге белгили, Арал апатшылығы региондағы климат шараятын қыйынластырды, жаз дәўиринде қурғақлық ҳәм ыссыны күшейтти, қақаман қысларды созды. Оннан тысқары, Арал апатшылығы қәўипиниң тәсири пүткил дүнья жүзинде бақланбақта. Халықаралық экспертлердиң атап өтиўинше, Арал регионының зәҳәрли дузлары Антарктида жағаларында, Гренландия музлықларында, Норвегия тоғайларында ҳәм Жер шарының көплеген басқа да орынларында табылған.
Қашанлардур, Арал теңизи Орайлық Азияның экономикасын раўажландырыў, азық-аўқат ислеп шығарыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы социаллық инфраструктураны қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғын еди. Әсиресе, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья дельталарындағы өнимдарлы жерлер, жоқары нәтийжели жайлаў ҳәм суў бассейнлери миллионлаған адамлардың шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлейтуғын еди. Бүгинги күнде болса, усы бурқасынлаған суўлар орнында қум-дуз шөлистаны пайда болды, бул жерде қум ҳәм дуз боранлары ҳәўиж алмақта ҳәм олар ҳәр жылы бир неше мың километр аралыққа шекем қум ҳәм дузды атмосфераға тарқатпақта.
Ҳақыйқатында да, ҳәзирги күнде Аралбойы аймағында социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, регионның суў ҳәм экологиясына байланыслы машқалаларға шешим табыў бойынша қоңсылас мәмлекетлердиң ис-ҳәрекетлерин бирлестириў керек екенлиги және де айқынырақ көринбекте.
Әсиресе, регион мәмлекетлериниң улыўма мәплеринен келип шыққан ҳалда, усы апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў ҳәм Аралбойындағы социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, регионның суў ҳәм экологияға байланыслы машқалаларына шешим табыў бойынша барлық ҳәрекетлерди бирлестириў керек екенлиги атап өтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл сентябрь айында болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығып сөйлеген сөзи жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын өзине тартты. Бул болса Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде көтерилген машқалалардың қәншелли әҳмийетли, турмыслық ҳәм улыўмаинсаныйлық әҳмийетке ийе екени менен тығыз байланыслы болып есапланады. Соның ишинде, Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў, усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйықланған сәнени болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеў усынысын алға қойған еди. Быйыл 18-май күни БМШ Бас Ассамблеясы 75-сессиясының гезектеги жалпы мәжилисинде Өзбекстан тәрепинен усыныс етилген бул резолюция жойбары көрип шығылды ҳәм халықаралық шөлкемге ағза мәмлекетлер тәрепинен бир аўыздан мақулланды.
Бул резолюция жойбарының әҳмийетли тәрепи, Арал регионында жасаўшы көп мың санлы халықтың саламатлығы ҳәм турмыс абаданлығы менен байланыслы усы Ҳүжжет БМШқа ағза барлық мәмлекетлер тәрепинен бир аўыздан мақулланғанлығы, ҳүжжетке дүньяның түрли регионларындағы мәмлекетлер биргеликтеги автор болғанының өзи мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған басламаның тек ғана Өзбекстан емес, басқа мәмлекетлер ушын да қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен усыныс етилген резолюция регионда экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет ететуғын көплеген перспективалы жойбарларға жол ашады. Бул резолюциядағы алдынғы идеялар Аралбойы ҳәм оған тутас аймақлардағы экологиялық жағдайдың жақсыланыўына, оның глобаллық унамсыз тәсирлерин, сондай-ақ, экономикалық, социаллық, аграр ҳәм басқа да бир қатар машқалаларды жумсартыўға хызмет етеди.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери
комитетиниң ағзасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги