Брифингте Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Лайло Рустамова Республикадағы мектеплерде оқыў жылының жуўмағы бойынша өткерилетуғын имтиханлардың мүддети менен тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилиўинше, быйылғы жылы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде басқышлы қадағалаў ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик имтиханлар өткериледи.
Имтиханлар оқыўшылардың денсаўлығын қорғаў ҳәм карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда өткерилиўи қадағалаўға алынады.
Соның ишинде, имтиханлар өткерилиўинен алдын билимлендириў мәкемелеринде дезинфекция жумыслары алып барылады, оқыўшылар имтиханларға санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда қорғаныў қуралында (медициналық нықап) киргизилип, имаратқа кириўден алдын медициналық хызметкерлер тәрепинен олардың дене температурасы өлшенеди ҳәм аралықты сақлаўы тәмийинленеди.
26-майдан 2-июньге шекем 5,6,7,8 ҳәм 10-класс питкериўшилери ушын басқышлы қадағалаў имтиханлары, 26-майдан 15-июньге шекем 9 ҳәм 11-класс питкериўшилери ушын жуўмақлаўшы мәмлекетлик имтиханлар аўызеки, жазба ҳәм тест сынақлары түринде өткериледи.
Ҳәр бир мектепте имтиханлар басланыўынан кеминде 10 күн алдын имтихан өткериў кестеси ҳәмме ушын көринетуғын жерге қыстырылып қойылады.
Имтихан сораўлары ҳәм материаллары бийпул. Имтихан билетлери ҳәм үлги сораўлары Халық билимлендириў министрлигиниң рәсмий телеграмм каналы @uzedu да жайластырылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги