Төрткүл районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балаларды қамтып алыў ҳәм 6 жасар балаларды бийпул мәжбүрий билимлендириўге тартыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими шөлкемлестирилген 2017-жылы тек 20 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, соннан төртеўи филиал сыпатында жумыс алып барған болса, оларға 2100 бала (12 процент) қамтып алынған еди.
Президентимиздиң басшылығында тараўға қаратылып атырған айрықша итибар және ғамқорлықлар нәтийжесинде балаларды мектепке шекемги шөлкемлерге қамтып алыў көрсеткиши жылдан-жылға артып бармақта. Бүгинги күнге мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 33 ке, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 7ге, шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 26 ға көбейип, улыўма бақшалардың саны 66 ға жетти. Нәтийжеде 3-7 жастағы балалардың саны жәми 17995ти қураған болса, соннан 12455 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алынып, бул бойынша көрсеткиш 69,2 процентке жетти.
2018-2019-оқыў жылында Өзбекстан республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Балаларды басланғыш тәлимге мәжбүрий бир жыллық таярлаўға басқышпа-басқыш өтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Төрткүл пилот район етип белгиленди ҳәм район бойынша мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынбаған 6 жастағы 3717 бала тәжирийбе-сынаў тәризинде қамтып алынып, оларға мәмлекетлик сертификатлар берилди.
Бул тәжирийбе республикамыз бойынша кеңнен ен жайдырылды. Төрткүл районында қосымша 90 балаға мөлшерленген 3 топар шөлкемлестирилди. Буннан тысқары 171 қысқа мүддетли топарға 6 жастағы 3865 бала қабыл етилип, мектепке таярланбақта. Барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Илк қадам», 6 жастағы балалар ушын «Илм йўли» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында тәлим-тәрбия жумыслары алып барылмақта. Быйылғы оқыў жылында усы күнге шекем 5 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми аттестация ҳәм аккредитациядан өткерилген болса, енди 2 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин өткериў режелестирилген.
Ҳәр жылы район орайында ғана емес, ал шетки аўылларымызда да мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери қурылып, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта. Жақында райондағы «Өзбекстан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды. Барлық қолайлықларға ийе заманагөй 150 орынға мөлшерленген балалар бақшасының иске түсирилиўи менен 38 ҳаял-қыз жумыс орны менен тәмийинленди. 2020-жылдың Инвестициялық бағдарламасына киргизилген бул жерде «Шорахан қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 4 миллиард 700 миллион сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды.
Соның менен бирге районда мектепке шекемги билимлендириўдиң алтернатив түрлери де жолға қойылмақта. Атап айтқанда, ең алыс аўыллар есапланған «Пахташы» ҳәм «Уллы бағ» аўыл пуқаралар жыйынларында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болмағанлығы себепли мобиль топарлар шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта бул аймақлардан орынлары таярланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
Усы жылдың май айында Өзбекстан республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен 2 автобус ҳәм үскенелери келиўи күтилмекте. Усы аймақлардың ҳәр биринен 3 топардан шөлкемлестирилип, жәми 6 топарға 96 бала қамтып алыўы режелестирилмекте.
Райондағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, тәрбияланаўшыларға ҳәр тәреплеме қолайлық жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Оларда инглис, рус, корейс тиллери, шахмат-шашка, көркем гимнастика, ментал арифметика, аяқ ойын ҳәм басқа да дөгереклер турақлы ислеп тур. Тәрбияланыўшылар түрли таңлаўларға қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Мәселен, жақында Әндижан ўәлаятында болып өткен ментал арифметика жарысында 16-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшысы Сухроб Аминов супер грант ийеси болған болса, 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшысы Зилола Даниярова менен 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшысы Абдулазиз Бахтияров биринши орынларды ийеледи.
Әлбетте, елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилип атырғаны тосыннан емес. Себеби, онда тәрбияланғанлар билимли, ҳәр тәреплеме жетик ҳәм шаққан болып жетилиседи. Ең баслысы, «Жаслықта алынған билим, тасқа ойылған нағыс» дегениндей, бундай балалардан келешекте жаманлық шықпайды.
А.ХОДЖАНИЯЗОВ,
Төрткүл районы прокурорының аға жәрдемшиси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги