Усы жылдың өткен 4 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша районлар аралық судларда жәми 4863 ис көрилип, соннан 244 инде прокурор қатнасы тәмийинленген.
Судларға прокурорлар тәрепинен 69 миллион 420 мың сумлық жеткерилген зыянды өндириў ҳаққында даўа арзалар киргизилип, барлығы қанаатландырылды. Прокуратура уйымларына келип түскен мүрәжатларды үйренип шығыў нәтийжеси бойынша, 11 пуқаралық ислери бойынша судтың қарарларына апелляция ҳәм кассация тәртибинде протест келтирилди.
Мәселен, пуқара Ж.Туремуратованың жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўа арзасы пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының шешиўши қарары менен қанаатландырылмастан қалдырылған. Пуқараның мүрәжатына тийкарланып үйренип шығыў нәтийжеси бойынша биринши инстанция судының қарарларын бийкарлаў ҳәм жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўа талапларын қанаатландырыў ҳаққында апелляция протести келтирилди.
Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша апелляция инстанциясының усы жыл 4 марттағы уйғарыўы менен прокурордың протести қанаатландырылып, пуқара Ж.Туремуратова Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасына өз лаўазымына қайта тикленип, мийнет ҳуқықы нызамлы тәртипте қорғалды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги