Усы жыл 18-май күни Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында   Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери бирлеспесиниң ағзасы, жас талантлы художник Қазақбай Хожамуратовтың «Шаңарақ шоққысы» атамасында жеке көргизбеси  өткерилди.

Көргизбеге белгили художниклер, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Көргизбениң ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлер, жас художник Қ.Хожамуратовтың 2009-жыл Ташкент қаласында «Еки гөззаллық симфониясы» атамасындағы жеке көргизбеси ҳәм 2011-жылы Ташкент қаласында ҳәм 2018-жыл Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими Көргизбе сарайында   өткерилген топарлық көргизбелерге өзиниң тәкирарланбас дөретпелери менен қатнасып киятырғанлығын ҳәм жетискенликлери, дөретпелериниң философиялық  мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде атап өтти.

 

Көргизбеге художниктиң 40 қа шамалас живописьлик дөретпелери қойылып, онда тийкарынан –  түрли жылларда дөретилген шығармалар орын алған. – Бүгинги көргизбеде автор өзиниң дөретпелери арқалы шаңарақ тымсалын миллий көз қараста ҳәм заманагөй стильде, философиялық пикирлери арқалы сәўлелендирген. «Шаңарақ шоққысы» дөретпеси арқалы художник шаңарақтың шоққыға жетиўинде муҳаббат тийкарғы күш деп есаплаған. Художниктиң ҳәр бир дөретпеси өзине тән усыл менен исленген, – дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Лала Жиемуратова.

Художниктиң «Қумар ана», «Анама хат», «Арал», «Туўылыў», «Шаңарақ шоққысы», «Нәзер» дөретпелери жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген