Музейлер – тарийхый, материаллық ҳәм мәнаўый естеликлерди топлаў, сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаиў жумысларын әмелге асырыўшы илимий, илимий-ағартыўшылық орны болып есапланады.

Елимизде ҳәр жылы 18-май – Халықаралық музейлер күни сыпатында көтериңкилик пенен белгиленеди.

Усы мүнәсибет И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде байрам илажлары өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп сәне мүнәсибети менен музей ҳаққындағы ҳүжжетли фильм тамашалады. Буннан соң, музейде пидайы мийнет еткен нуранийлар менен ушырасыў өткерилип, онда музей хызметкериниң атқаратуғын мийнети ҳәм оның әҳмийети, хызмет көрсетиў ўақтындағы қызықлы ўақыялары ҳәм бүгинги күнде музейге қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар туўралы сөз етилди.

– Бүгинги кәсиплик байрамға бағышланған  бағдарламада  белгили художниклерден А.Еримбетовтың «Әлемди таң қалдырған үлке», Н.Қараханның «Шығыс ноталары», Р.Мазельдиң «Саҳра сөйлегенде» атамасындағы көргизбелери орын алған. Сондай-ақ, музейде сақланып атырған «Көк көйлек»  ҳаққында арнаўлы экскурсия шөлкемлестирилип, музейде «Чемодандағы ертеклер» атамасындағы интерактив ойынлар өткериў режелестирилген, – дейди Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң этнография бөлими баслығы А.Пирназарова

Байрам мүнәсибети менен музейдеги  экспонатлар бийпул тамаш етилмекте.

Илаж қатнасыўшылары ушын көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концетр бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы