Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасына усы жыл 27 апрельге шекем 370 мүрәжат келип түскен. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110 процентке көп. Мүрәжатлардың көпшилиги (102 мүрәжат) бәнтлик мәселеси бойынша.
Биз айырым басшылардың инсан тәғдирине немқурайдылығы, оның мәплерин писент етпеўи себепли келип шыққан машқалалар бойынша келип түскен мүрәжатлерге итибар қараттық. Себеби, айырым басшылардың Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж пуқараларға үлкен итибар қаратылып, ғамхорлық көрсетилип атырған бир пайытта, олардың мийнет ҳақысын бермеўи яки жумыстан босатып напақасыз қалдырыўы нырққа сыятуғын нәрсе емес, әлбетте.
– Жумыс ислеўди қәлеўши пуқара өзине сай жумыс таба алмаған жағдайда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 1999-жыл 13-октябрьде 831-сан менен дизимге алынған «Мийнет бөлимлеринде пуқараларды дизимге алыў, оларды жумысқа орналастырыў, жумыссызлық напақасын тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге тийкарланып жумыссыз, деп табылады,-дейди қабыллаўхана баслығы Д.Наурзбаев. – Усы жылы 168 (өткен жылы 191) пуқараға жумыссызлық напақасы тайынланған.
Егер районлық бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен пуқараға жумыс таўып берилмесе, жоқарыдағы Реже талаплары, жумыс излеўшиниң кепилликлери иске қосылып, тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Тақыятас районы бойынша рәсмий емес секторда халық жумыс ислеп, айырым пуқаралар арасында келиспеўшилик, жумыс ислеген дәўири ушын келисилген пулларды төлемеў жағдайлары ушыраспақта.
Мәселен, Тақыятас районы «Нурлы келешек» МПЖда жасайтуғын пуқара Кәмилжан Бекимбетов «Тақыятас агросервис МТП» ЖШЖда 2018-2020-жылларда жумыс ислеп айлық мийнет ҳақысын алыўда жәрдем сорап Халық қабыллаўханасына мүрәжат етти.
Усы мүрәжат тийисли тәртипте үйренилип, районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен пуқараға тийисли болған 9 миллион 358 мың 622 сум айлық мийнет ҳақысын өндириў бойынша пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына даўа арза киргизилди.
Буннан басқа, көшпели қабыллаўлардың нәтийжелилигине итибар қаратылыўы бир қатар мәселелерде өз көринисин таппақта. Мәселен, айырым пуқаралардың нызамсыз түрде жумыстан босатылғанлығы шаңарақ ағзаларына финанслық тәсир көрсетип, шаңарақларда келиспеўшиликлер, урыс-жәнжеллер келип шықпақта.
Пуқара З.Утегенова 2020-жыл 16-март күнги Нөкис районлараралық пуқаралық судының Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы орайына жумысқа тиклеў бойынша суд қарары Тақыятас районы Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен орынланбай атырғанлығы бойынша мүрәжат етти.
Усы мүрәжат бойынша пуқараны жумысқа тиклеў ҳәм қарарды орынламай атырған хызметкерлерге нызамлы шара көриў бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасына көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар берилди. Бирақ, олар тәрепинен суд қарарының орынланыўы тәмийинленбей, пуқараны жумысқа тиклеўден бас тартылды.
Сонлықтан, пуқара З.Утегенова Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.Усмановтың 2020-жыл 12-сентябрь күнги районда өткерилген көшпели қабыллаўына шақырылды ҳәм суд қарары орынланып, пуқара жумысқа қайта тикленди.
Сондай-ақ, Тақыятас районында жасаўшы пуқара Ким Ольга 2019-жыл 16-сентябрь күни Тақыятас районы Абаданластырыў бөлиминен жумыстан босатылып, жумысқа тиклеўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти.
Пуқара Ким Ольга жумыстан босатылғанында еки өспирим перзенти 2002-жылы туўылған Данил ҳәм 2004-жылы туўылған Денис 4 жыл Хожели Меҳрибанлық үйинде сақланған. Шаңарағында дәрамат болмаған.
Тақыятас районы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2 жыл даўамында усы мәселе бойынша жумыс алып барылды. Районлық абаданластырыў бөлими тәрепинен жумысқа тикленбегени ушын 2021-жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.Исламовтың қабыллаўына киргизилди. Жаңа жумыс орнына алынды, яғный Тақыятас районы ҳәкимлиги жанындағы Абаданластырыў басқармасына қол мийнети жумысына жумысқа орналастырылды.
Ҳәр бир басшы хызметкерди жумыстан босатып атырғанында жумыстан босатылып атырған инсанның шаңарақ жағдайына, шараятына итибар бериўи әҳмийетли есапланады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги