«Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы»нда автомобиль бензининиң баҳасы бираз төменледи. Баҳалардың төменлеўине сатыўшы-кәрханалар тәрепинен басланғыш баҳалардың төменлетилгени өзиниң унамлы тәсирин өткерди.

Атап айтқанда, көрип шығылып атырған дәўирде сатыўшы-кәрханалар АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң басланғыш баҳаларын өнимниң бир тоннасы ушын орташа 6 677,7 мың сумнан 6 641,7 мың сумға шекем төменлетти.

Усы мүнәсибет пенен, АИ-80 маркалы автомобиль бензининиң орташа күнлик баҳасы да сәйкес тәризде 6 691,9 мың сумнан 6 683,5 мың сумға шекем төменледи.

Көрип шығылып атырған дәўирде АИ-80 маркалы автомобиль бензиниң орташа ҳәптелик котировкасы 6 676,4 мың сумды, АИ-91 – 7 692,9 мың сумды қурады.

Бул ҳаққында xs.uz сайты мәлим етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги