Мойнақта өткерилген «Стихия» электрон музыка, мәденият ҳәм илим фестивалында Россия, Қазақстан, Түркия ҳәм Қырғызстаннан келген музыкалық продюсерлер, музыкантлар ҳәм DJлар қатнасқан. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт басқармасының мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Форумда сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия илимпазлары, экологлары, қәнигелери және 300 ге шамалас туристлер қатнасты.
Фестиваль шеңберинде «6 миллиард терек» социаллық акциясы өткерилип, оның даўамында 5 мыңнан аслам терек егиў нәзерде тутылған. Бул жойбардан гөзленген мақсет региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў ушын қурғақлыққа шыдамлы болған пута ҳәм мийўели тереклерди Мойнақ қаласы және Арал теңизиниң төменги бөлиминде басқышпа-басқыш егиўге қаратылған.
«Социаллық тармақларда усы фестиваль даўамында болғанлығы айтылып атырған жалаңаш ҳалда ойнап атырған қыздың видеолары тарқалмақта.
Фестивальда Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен жәмийетлик, жол ҳәрекети ҳәм өрт қәўипсизлиги тәмийинленди және қатнасыўшылардың санитариялық-гигиеналық қағыйдаларына әмел етилиўи қадағаланды.
Тармақларда тарқалған қолайсыз видеолар «Стихия» электрон музыка, мәденият ҳәм илим фестивалынан алынбаған», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги