Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-май күни аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиўди тәмийинлеў бойынша биринши шеректеги көрсеткишлерди таллаў ҳәм быйылғы жылғы тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Қыйын пандемия шараятында мәмлекетимиз тәрепинен экономика тармақлары ҳәм исбилерменлер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланғаны нәтийжесинде экономикалық турақлылықты, өндирис көрсеткишлери менен жумыс орынларын сақлап қалыўға ерисилди.
Соның ишинде, биринши шеректе мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними 3 процентке, санаат 3,8 процентке, аўыл хожалығы 3,1 процентке өскен. Мәмлекетлик бюджет дәраматлары прогнозға салыстырғанда дерлик 2 триллион сумға көбейген. Экспорт көлеми январь-апрель айларында 3,2 миллиард долларды қураған.
– Бул көрсеткишлер, әлбетте, жақсы. Буған ерисиў ушын нызамлар, қарарлар қабыл етип, оғада үлкен имканиятлар жараттық, қаржылар бердик. Егер барлық тармақ басшылары «арбаны тартқанында», бул көрсеткишлер еки есе көп болатуғын еди. Министрликлердиң «вертикал системасы» ислемей атыр. Министрлерде интакерлик, олардың орынбасарларында ўәкиллик ҳәм жуўапкершилик жетиспей атыр. Коррупцияға шек қойсақ, орынларда система жумыс ислесе, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери жуўапкершилигин арттырса, экономика өзи раўажланады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте айырым тармақ ҳәм аймақлардағы кемшиликлер көрсетип өтилди. Мысал ушын, биринши шеректе «Өзавтосанаат»та өндирис көлеми 40 процент, «Өзбекнефтьгаз» системасында 4,7 процент, былғары өнимлери тармағында 10 процентке төменлеген. Кейинги жылда дәри-дәрмақ ҳәм медицина буйымларына талап кескин артқан бир ўақытта фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 22 процентке азайған. Сондай-ақ, 74 ири аймақлық кәрханада өндирис көлеми өткен жылға салыстырғанда 1,1 триллион сум азайыўына жол қойылған.
Мәмлекетимиз басшысы биринши ярым жыллықта бундай артта қалыўларды сапластырыў, қосымша резервлерди таўып, әмелде иске қосыў керек екенлигин атап өтти.
Экономикалық өсиў ушын, бәринен бурын, энергия ресурслары зәрүр. Санаат тармақлары, исбилерменлер ҳәм халықтың талапларын толық қанаатландырыў ушын «Өзбекнефтьгаз» тәрепинен екинши шеректе 9 миллиард куб метр тәбийғый ҳәм 165 мың тонна суйылтырылған газ, «Ыссылық электр станциялары» ҳәм «Өзбекгидроэнерго» системасында жәми 15,5 миллиард киловатт электр ислеп шығарыў талап етиледи. Электр техникасы, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим, қурылыс материаллары, фармацевтика сыяқлы санаат тармақларында жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў ушын барлық имканиятлардың бар екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў мәселесине де итибар қаратылды. «Аймақгазтәмийнат», «Өздәнөним», «Агросервис», «Агролизинг» кәрханаларында трансформация процесслерин жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Инвестиция ҳәм экспорт мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың екинши шерегинде 75 триллион сум муғдарында инвестицияларды өзлестириў, соның есабынан 43 тармақ ҳәм 2 мың 500 аймақлық жойбар шеңберинде жаңа қуўатларды иске қосыў мөлшерленген.
Бул бағдарда жеңил санаат тармағында Асака, Ғиждуван, Каган, Қаршы, Хатирчи, Қибрай районлары ҳәм Чирчиқ қалаларында улыўма баҳасы 220 миллион доллар муғдарында ири тоқымашылық кәрханаларын пайдаланыўға тапсырып, 3 мыңға шамалас халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.
Президент жуўапкерлерге ҳәр бир инвестициялық жойбардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алып, кәрханалардың иске қосылыўын жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.
Биринши ярым жыллықта экспорт көлемин 5,2 миллиард долларға жеткериў имканияты есап-санақ етилген.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан бенефициар болған «GSP+» системасы имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, «Oeko-Tex» стандартларына сәйкес тоқымашылық кәрханаларының санын көбейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, сырт елли қәнигелерди тартқан ҳалда, халықаралық стандартларды енгизиў бойынша оқыў бағдарламаларын ислеп шығып, жергиликли кәрханалардың қәнигелерин оқытыў да зәрүр.
Бизге белгили, халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў күн сайын әҳмийетли мәселеге айланып бармақта. Гөш ҳәм өсимлик майының жәҳән базарындағы баҳалары бир жылдан берли тоқтаўсыз өспекте. Бундай шараятта азық-аўқат өнимлерин жетистириўди көбейтиў керек.
Усы мақсетте шарўашылық бағдарында мың, қусшылықта 277 кәрхананы иске қосыў, 1 миллион гектардан аслам тийкарғы майданларда ҳәм егинлерден босайтуғын жерлерде мийўе-овощ, картошка, салы, палыз ҳәм от-жем өнимлерин жетистириў режелестирилген.
Президентимиз май өнимлерине халықтың талабын қанаатландырыў мақсетинде быйылғы жылы 246 мың тонна майлы егинлер жетистирип, 86 мың тонна май ислеп шығарыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берди.
Экономикалық комплекске киретуғын шөлкемлерге төмен қуўатлықларда ислеп атырған исбилерменлик субъектлерине жумысын жанландырыў ушын жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды. Май-июнь айларында шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына 1,6 триллион сум қаржы ажыратыў, бул арқалы кеминде 30 мың пуқараға дәрамат дәрегин жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, аймақлық бағдарламалар шеңберинде 13 мың, бос жер участкаларын сатыў арқалы 5 мың, Бәнтлик, Ҳаял-қызлар ҳәм Жаслар қорлары есабынан қосымша 10 мың жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў мүмкин.
Полиэтилен, полипропилен, поливинилхлорид ҳәм кальцийленген сода сыяқлы шийки затларды биржа арқалы сатыўды кеңейтиў, мебель санаатын қосымша қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берилди. Булар жергиликли кәрханалардың турақлы раўажланыўында әҳмийетли фактор болады.
Президент ажыратылған кредит ресурсларының нәтийжелилиги ҳәм қайтымы бағдарындағы кемшиликлерди сынға алды.
– Орынларда кредит есабынан шөлкемлестирилип атырған кәрханаларды инфраструктураға жалғаў, өним базарын табыўға жәрдемлесиў бойынша тармақ, аймақ ямаса сектор басшылары системалы жумыс ислемей атыр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жуўапкерлерге машқалалы кәрханаларды анықлап, оларға «жасырын экономика»дан шығыў ушын шараят жаратыў, кредитлерди мәнзилли ҳәм мақсетли ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетлик салық комитетине исбилерменлердиң пикир ҳәм наразылықларын есапқа алып, қосымша қун салығы төлеўшилерин дизимге алыў, салықларды есаплаў системасын буннан былай да жетилистириў ўазыйпасы қойылды.
Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер биринши ярым жыллықта тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў илажлары бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА