Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-май күни Япония Бас министри Ёсихидэ Суга менен телефон арқалы сөйлести.
Өзбекстан-Япония стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
2019-жыл декабрь айында Японияға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапардан соң әмелий бирге ислесиўде, ашық-айдын ҳәм нәтийжели сөйлесиўде жоқары нәтийжелерге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған комплексли реформалар бағдарламасын жедел қоллап-қуўатлап атырғаны және коронавирусқа қарсы гүресиў ҳәм пандемияның экономикалық ақыбетлерин жеңип өтиўде көрсетилген жәрдеми ушын Япония Бас министри ҳәм Ҳүкиметине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Япония Бас министри, өз гезегинде, жаңаланыўларды және де алға қойыў, заманагөй санаат ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў мақсетинде Өзбекстанға финанслық-техникалық жәрдемди кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.
Япония тәрепи Ташкент Корея ярым атаўын ядролық қуралдан жырақ аймаққа айландырыў ҳәм урланған япон пуқараларын қайтарыў мәселесин толық қоллап-қуўатлап атырғаны ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.
Еки тәреплеме саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.
Өзбекстан Президенти JICA агентлиги, Японияның жетекши компаниялары ҳәм банк-финанс институтлары менен нәтийжели шерикликти жоқары баҳалады. Өткен жылы глобал кризис ҳәм карантин шеклеўлерине қарамастан, япониялы инвестор ҳәм қәнигелер менен биргеликте Тўрақўрғон ИЭС қурылысы, Наўайы ИЭСты кеңейтиўдиң екинши басқышы, «Наўайыазот» кәрханасында аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў бойынша жоқары технологиялық қуўатлықларды иске қосыў сыяқлы тийкарғы жойбарлар әмелге асырылды.
Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлемин арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
Мәмлекет басшылары биргеликтеги бизнес жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели қуралларын енгизиў басламасын мақуллады.
Сондай-ақ, ҳалықаралық күн тәртиби, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысылды. Тәреплер «Орайлық Азия + Япония» форматындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.
Япония тәрепи быйылғы жылдың июль айында Ташкент қаласында өткерилетуғын Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығына бағышланған халықаралық конференцияны қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм оның исинде қатнасатуғынын атап өтти.
Сөйлесиў соңында Өзбекстан Президенти Токио қаласындағы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары табыслы өтиўин тиледи ҳәм Бас министр Ёсихидэ Суганы мәмлекетимизге сапар етип келиўге мирәт етти.
Өзбекстан ҳәм Япония жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық-айдын, дос ҳәм исшең руўхта өтти.
ӨзА