Усы күнлерде халқымыз Рамазан ҳайытын тынышлық-қәтержамлықта, шүкиршилик пенен байрамламақта. Өз-ара меҳир-мүриўбет және де артып, мүтәж шаңарақларға мүриўбет көрсетиў, наўқаслардың жағдайынан хабар алыўдай саўап ислер көбеймекте.

Усындай ийгиликли қәдириятларымызға муўапық, Президент Шавкат Мирзиёев 14-май күни Ташкент қаласындағы емлеў орынларында болып, ол жерде емленип атырған наўқас балалардың жағдайынан хабар алды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайына барды.

Бул орай халыққа гематологиялық ҳәм трансфузиологиялық жәрдем көрсетиў, бундай кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларды емлеў, гематология тараўында илимий изленислер алып барыўға қәнигелескен.

Орайда жоқары дозалы ҳәм интенсив полихимиотерапия усыллары әмелиятқа енгизилген. Өткир лимфобласт лейкозларды емлеўдеги жаңа қолланбалар нәтийжесинде наўқаслардың ремиссияға шығыўы ҳәм толық дүзелиўи 70-85 процентке жетпекте.

Президентимиздиң 2020-жыл 10-февральдағы қарары гематология ҳәм трансфузиология хызметлерин раўажландырыў, онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған шахсларды қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли фактор болмақта. Усы қарарға муўапық, 2020-2024-жылларда гематология тараўын раўажландырыў ушын 546 миллиард сумнан зыят ҳәм дерлик 71 миллион доллар муғдарында қаржы қаратылыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, быйылғы жылда 91 миллиард сумнан артық қаржы ажыратылған.

Бул қаржылар есабынан емлеўханалар дәри қураллары, медициналық буйымлар, реактив ҳәм реагентлер менен тәмийинленбекте. Сондай-ақ, гематология хызметиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеўди жетилистириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Президент орайдың шараятларын көзден кеширди. Орайда 3 имарат болып, 260 орынға ийе. Ҳәзирги күнде бул жерде 210 наўқас емленбекте. Соннан 42 си балалар.

Мәмлекетимиз басшысы усы емлеўхана ушын жаңа имарат қурыў, онда Россияның Д.Рогачёв атындағы медициналық изертлеў орайының тәжирийбеси тийкарында балалар онкогемотологиясы орайын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди. Ол жерде өзек клеткаларын донордан көширип өткериў ­ аллоген трансплантация жолға қойылады.

Президент емлеўханада емленип атырған балалар ҳәм олардың аналары менен сәўбетлести.

­ Гематологияда емлеўди жақсылаў бойынша қарарлар қабыл еттик. Лекин, бул жумыслар еле жетерли емес. Бүгин келиўимнен мақсет ­ сизлерге және де көбирек шараят жаратыў, кеселлерди тезирек аяққа турғызыў, емлеў кепиллигин арттырыў бойынша илажларды белгилеў. Сизлер ҳәммеңиз ­ мениң перзентлеримсиз. Ҳәр күни күлип турып, ата-аналарыңызға мәдет болыўыңыз керек. Әлбетте, дүзелип кетемен, деген умтылысыңыз болыўы керек. Биз буның ушын ҳәмме шараятларды жаратыўға ҳәрекет етемиз, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы ата-аналар ҳәм балаларды Рамазан ҳайыты менен қутлықлады.

­ Кеўиллериңиз бөлинбесин. Бир өзиңиз емессиз. Ҳәммемиз дәртлеспиз. Бул тараўда имканиятларды жақсылаў ушын жаңа орай қурамыз. Ол жерде аналар ушын да, балалардың оқыўы ушын да шараят болады, емлеў де өзгереди. Ең үлкен нийетимиз ­ тезирек даўа таўып, үйге, шаңарағыңыздың қушағына қайтыўыңыз, ­ деди Президент.

Шавкат Мирзиёев балаларға меҳрибанлығы ҳәм пидайылығы ушын орай шыпакерлерине миннетдаршылық билдирди.

Президентимиз Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайына барды.

Орайда 10 емлеў корпусы болып, 370 орынға ийе. Бул жерде жылына 9 мыңнан аслам наўқасқа стационарлық, 43 мыңына амбулаторлық тәртипте хызмет көрсетилмекте.

Ташкент ҳәм Қоқанд қалалары, Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятларда орайдың аймақлық филиаллары шөлкемлестирилген. Олардың ҳәр биринде паллиатив жәрдем бөлимлери ашылған. Биринши мәрте, барлық аймақлық онкологиялық мәкемелер жәми 22 заманагөй нур терапиясы үскенелери менен тәмийинленди. Медицина орайы менен барлық филиаллар арасында телемедицина әмелияты жолға қойылған. Соңғы үш жылда системадағы 150 қәниге абырайлы сырт ел клиникаларында мәмлекет есабынан маманлық арттырған.

Наўқаслар ушын ең қыйыны керекли дәрилерди табыў ҳәм сатып алыў. Сонлықтан бул бағдарда мәмлекетимиз тәрепинен де жәрдем көрсетилмекте. Онкология хызмети ушын дәри-дәрмақ ҳәм сарплаў қуралларына 2016-жылда 8 миллиард сум ажыратылған болса, 2021-жылда бул көрсеткиш дерлик 62 миллиард сумға жеткен.

Мәмлекетимиз басшысы орайда емленип атырған балалар ҳәм олардың ата-аналары менен сәўбетлести. Балалардың арзыў-нийетлери, үлкейгенде қайсы кәсипти таңламақшы екени менен қызықты, оларды қоллап-қуўатлады.

Президент пенен ушырасқан балалардың әрманлары бир дүнья. Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Хожели районынан келип емленип атырған Бунёдбек Оралбаев 10 жаста. Анасы оның кеўлиндеги сөзлерин Президентке жеткерди, бирден-бир өтиниши улының шыпа таўып кетиўи екенин мәлим етти. Мәмлекет басшысы бул уллы әййям күнлеринде ең үлкен мақсет ­ бул жердеги барлық балалар саўалыўы екенин, буның ушын ҳәмме шараят жаратылатуғынын айтты.

Асака районынан Разия Базарбаева жас басына түскен дәрт себепли шыпакер болмақшы екенлиги, Әндижан медицина институтына кирип оқыў нийети барлығын билдирди. Шавкат Мирзиёев бул жерде жуўапкерлерге тапсырма берип, бул қыз Президент есабынан институтқа оқыўға қабыл етилгенин айтты.

Чуст районында жасаўшы Сабина Инсофалиева 17 жаста. Ол райондағы 41-мектепте оқыйды, бирақ, дәрт себепли еки жыл оқыўы қалып кеткен. Сабина дүзелип шықса, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң хызметкери болыў әрманы барлығын билдиргенде, ҳәмме қол шаппатлап жиберди. Тилекке қарсы, шыпакерлер бул қыздың өмирин сақлап қалыў ушын оң аяғын кесиўге мәжбүр болған.

Президент Орайлық балалар бөлиминиң баслығы Тажиддин Мустафаевтан Сабинаның денсаўлығы ҳаққында сорады. Ең раўажланған мәмлекетлерден протез алып келип қойдырыўға, оның денсаўлығын жеке қадағалаўға алыўға ўәде берди.

­ Бул қызым, әлбетте, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң хызметкери болады, оқыўына ҳәзирден ғамқорлық етесизлер, ­ деди Президент.

Самарқанд ўәлаяти Пайариқ районынан келген Райҳона Раупова 10 жаста. Әкеси Раҳманберди ағаның айтыўынша, қызы Президент мектебинде оқымақшы. Мәмлекетимиз басшысы быйыл Самарқандта да Президент мектеби ашылатуғынын, Райҳона әлбетте, оған кирип оқыйтуғынын айтты.

­ Бул бир сынақ. Мине, усы сынақлардан шыдамлылық пенен өтип, тезирек саўалып, үйге қайтсаңыз, ҳәммемиз қуўанамыз. Мен балалар, жаслар ҳаққында көп айтаман, оларға үлкен үмитлер артаман. Илайым, мине усы балалардың да кеселлиги естен шығып, халқымызға хызмет ететуғын перзентлер болып жетиссин. Уллы әййям күнлеринде Қудайдан соны сораймыз, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Президент балалар ҳәм олардың ата-аналары менен бирге сүўретке түсти. Мәмлекетимиз басшысының атынан балаларға саўғалар тапсырылды.

Усы жерде онкология системасын жетилистириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Президент орайдың ҳәзирги имканиятлары жетерли емеслигин атап өтип, Ташкент медицина академиясы клиникасының бос турған аймағында Республикалық онкология орайының жаңа имаратларын қурыў бойынша тапсырма берди.

Кеселликлерди ерте анықлаў мақсетинде мобиль бригадалар дүзип, қәўип топарына кириўши халық ушын профилактикалық тексериўлер өткериў зәрүрлиги атап өтилди. Буның ушын ҳәр бир аймаққа мобиль маммографлар ҳәм позитрон-эмиссион томографлар жеткерип бериледи. Рак кеселликлерин ерте анықлайтуғын лабораториялар шөлкемлестирилип, арнаўлы онкомаркерлер тексериўлери жолға қойылады.

Екинши тийкарғы мәселе ­ емлеўдиң сапасын арттырыў. Усы мақсетте орынлардағы онкология ҳәм гематология емлеўханаларын оңлап, заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, маман қәнигелерди тартыў ўазыйпасы белгиленди. Кеселлик ақыбетинде аяқ-қолы ампутация болған наўқасларды протез өнимлери менен тәмийинлеў мәселесине де тоқтап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери, шыпакерлер өз аймақларында онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерди емлеўди жақсылаў бойынша усынысларын билдирди.

Бул барлық ўазыйпа ҳәм усынысларды инабатқа алған ҳалда, онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерди емлеўди түп-тийкарынан өзгертиў бойынша Президент қарары қабыл етилетуғын болды.

Видеоселектордан соң, мәмлекетимиз басшысы Ташкент медицина академиясы аймағына барып, Онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы имараты ушын мөлшерленген жерди көрди. Жаңа имаратты Қубла Корея тәжирийбеси ҳәм жойбары тийкарында қурыў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының Учтепа районындағы Тепақорған мәҳәллесиниң турмысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске Мүрәжатында барлық илажлар мәҳәллелер кесиминде әмелге асырылыўын атап өткен еди. Жуўапкерлерге өз тараўы бойынша мәҳәллелердеги жағдайды үйрениў, «өсиў ноқатлары»н анықлап, оларды раўажландырыў ўазыйпасы қойылған.

Тепақорған мәҳәллеси де усылайынша абат етилген. Бул жерде 30 көп қабатлы жай бар, 6 мың 150 халық жасайды. Еки 100 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, бир қәнигелестирилген мектеп-интернат жумыс алып бармақта.

Мәҳәлледеги соқпақлар, терекзарлар абат етилген. Балалар стадионлары шөлкемлестирилип, спорт қурылмалары орнатылған.

40 киши бизнес субъектинде жергиликли жаслар ҳәм ҳаяллар ислемекте. Жақында бул жерде және бир өндирис кәрханасы ­ «Euroasia print» баспаханасы қурып питкерилди. Онда 60 тан аслам жумыс орны жаратылды. Шавкат Мирзиёев бул кәрханадағы жумыс процесин көзден кеширди.

Бул жерде Ташкент қаласында хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, жумыс орынларын көбейтиў режелериниң презентациясы өткерилди.

Мәҳәлле халқы менен сәўбетлесиўде нуранийлар Рамазан айы оразасын шүкирлик етип тутқанын, елимизге тынышлық-абаданлық сорап дуўалар еткенин айтты.

­ Мине усы шүкиршиликти, инсап жолындағы берекет екенин халқымызға, жасларымызға жеткериў керек. Өз мәҳәллеңизде көрип турсыз. Мине, умтылса, ислесе болады екен-ғой. Бундай өзгерислердиң ең үлкен тийкары ­ елимиздеги тынышлық-турақлылық. Буның қәдирине жетип, ҳәр бир мәҳәллени мине усындай шырайлы, тәртипли етиўимиз зәрүр. Бәлентпәрўаз гәпсиз, мийнетимиз бенен халқымызды разы етиўимиз керек, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы шет тиллерин үйретиў орайының жумыслары менен де танысты.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзА