12-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады. Бул муқаддес әййямның барлық мусылманлар ушын айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтип, дос халықларымызға тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.

Президентлер еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин толық додалады. Коронавирус пандемиясы менен байланыслы қыйын шараятта көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланып баратырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, ҳәр қыйлы дәрежелерде өз-ара алмасыў ҳәм сөйлесиўлер жеделлести. Усы жылдың басынан товар алмасыў 40 процентке артты, 164 жаңа қоспа кәрхана шөлкемлестирилди, аймақлар арасында бирге ислесиў жолға қойылмақта. Самарқанд қаласында Түркия консуллығы өз жумысын баслады. Биргеликтеги мәдений-гуманитарлық бағдарламалар, соның ишинде, билимлендириў, кинематография ҳәм спорт тараўларында әмелге асырылмақта.

Мәмлекет басшылары Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң екинши мәжилисин өткериўге пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенин атап өтти.

Усы мақсетте келеси айда Ташкент қаласында Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси және бизнес форум өткериледи.

Буннан тысқары, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, инфраструктура, транспорт, туризм, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың барысы көрип шығылды.

Телефон арқалы сөйлесиўи ўақтында жетекшилер халықаралық сиясат мәселелери бойынша пикир алысты.

Президентлер Шығыс Қуддустағы жағдайдың кескинлесиўи мүнәсибети менен терең қайғыда екенлигин билдирди. Палестина-Израил машқаласы халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңеси тәрепинен бурын қабыл етилген резолюциялар тийкарында тыныш жол менен шешилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Түркий кеңес, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңбериндеги шерикликке айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң сөйлесиўи әдеттегидей өз-ара исеним, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА