14-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге әмелий сапар менен келген Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзаданы қабыллады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп қырлы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимли ҳәрекетлери себепли өз-ара бирге ислесиўде ерисилген ҳәзирги жоқары дәрежени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Қоҳир Расулзада Өзбекстан Президентине шын кеўилден қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда саўда, машина қурылысы, энергетика, қазып алыў санааты, аўыл хожалығы, тоқымашылық, транспорт, туризм ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлер және мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламалары даўам еттириледи.

Тәжикстан Бас министри еки мәмлекет басшыларының болажақ саммитине биргеликте ҳәр тәреплеме таярлық көриўге, сондай-ақ, дос еллеримиз ҳәм халықларымыз  арасындағы кең көлемли шерикликти беккемлеўге бар күш-ғайратын жумсайтуғынын атап өтти.

 

ӨзА