Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў алдында халқымызға тән мийрим-шәпәәт, жақсылық, қайыр-сақаўат сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын белгиси сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем  бел байлаған  100 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген пуқаралардың 3 еўи тийкарғы жазадан толық азат етилди, 43 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 10 ының еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 44 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң 12 си сырт ел пуқаралары, 4 еўин 60 жастан асқан ерлер, 6 аўын ҳаяллар және 52 син қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан пуқаралар қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген пуқараларды шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер менен уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.