Усы жыл 12-май күни И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде Түркстан авангардының белгили ўәкиллеринен бири Николай Караханның туўылғанына 120 жыл толыўы мүнәсибети менен «Шығыс ноталары» атамасындағы көргизбеси өткерилди.
Оған белгили художниклер, көркем өнертаныўшылар, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Көргизбеден художниктиң 80 ге шамалас дөретпелери орын алған.
Онда шығып сөйлегенлер, Н.Караханның өмири ҳәм дөретиўшилиги, этюдлары менен дөретпелериниң декоративлиги, реңлериниң үйлесимлилиги, композицияларының ритмлик дүзилиси ҳаққында атап өтти.
– Бүгинги көргизбеде пейзаж жанрының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан художниктиң өзине тән дөретиўшилик жолы менен жақыннан таныстық, – дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Махфуза Юсупова.
Художниктиң «Бәҳәрги таўлы аўыл», «Таў етеклеринде гүлленген бағ», «Лала гүл терип атырған ҳаяллар» ҳәм басқа да дөретпелери жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы