Мүнәсибет 

«Қарақалпақ үлкеси өзиниң дүньяда уқсасы жоқ, бийтәкирар көркем өнери менен бәршемизди тәсийин қалдырып келеди», ―деген еди Президентимиз Ш.Мирзиёев. Шынында да қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери бийтәкирар, бийбаҳа ғәзийне. Халқымыздың көп әсирлик тарийхы ҳәм мәденияты бүгин үлкен раўажланыўларға қарай жүз бурмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде тараўда үлкен өзгерислер жүз берип, қарақалпақ көркем өнери менен мәденияты да жаңаланыўларға қарай қәдем таслады.

Усы жылдың 8-май күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы 291-санлы Қарары қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери турмысында айрықша қуўанышлы тарийхый ўақыя болды. Қарар Қарақалпақстандағы билимлендириў дәргайлары, музей, театрлар, мәденият орайлары менен «Қарақалпақфильм» киностудиясының жумысын және де жетилистириў, мәдений-ағартыўшылық, үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў бойынша арнаўлы ўазыйпалар белгилеп берилгенлиги менен де әҳмийетли.

Қарарға бола, быйылдың өзинде пайтахтымыз Нөкис қаласында өзбек, қарақалпақ ҳәм жәҳән классикалық көркем өнери дәстүрлерин, театр, музыка, хореография, миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў, оны үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги шөлкемлестириўиндеги «Қарақалпақ көркем өнер сарайы»  мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилип, жумыс баслайды. Бул миллий қәдириятларымыз, мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди және де улығлаўшы жарқын сахна шығармаларын жаратыў, халқымызды көркем өнер шеберлери менен жас талантлылардың өнерлери менен таныстырыў, мәмлекетлик әҳмийетке ийе илажлар, халықаралық фестивальлар, таңлаўлар, конференциялар, социаллық-мәдений әнжуманлар өткериўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, қарақалпақ халқының мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине шаңарақ ағзалары менен келиўи, мазмунлы дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде «Шемби―мәденият күни», 2021-2022-оқыў жылынан баслап, барлық билимлендириў орынларында көркем онеримиздиң сайланды шығармалары менен оқыўшы жасларымызды турақлы түрде таныстырып барыў мақсетинде сабақ кестелеринен бос (тәнепис) ўақытларында «Музыкалық тәнепис» жойбарлары әмелге асырылады. Әҳмийетлиси, неше жыллардан берли өткерилиўи үзилиске түскен Қарақалпақстан Республикасының өзине сай үрп-әдетлери, бақсы-жыраўшылық, дәстаншылық, миллий аяқ ойын өнери, әмелий көркем өнер менен миллий өнерментшилик үлгилерин халыққа, әсиресе, жас әўладқа үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Қарақалпақ мәденият күнлери» байрамы илажларын өткериў қайта жолға қойылады. 2023-жылы  уллы алым Абу Райхан Беруний  туўылғанлығының 1050 жыллық юбилейине бағышланып, 2021-2022-жыллары Беруний районында Абу Райхан Беруний атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы қурылады.

Бүгинги заман қаҳарманларының мүнәсип мийнетлерин сахналық шығармаларда сәўлелендириў, спектакльлердиң көркемлик дәрежесин арттырыў, тамашагөйлерди көбирек қамтып алыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў театрларымыз алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан саналады. Усы мақсетте қарарда «Қарақалпақстан опера ҳәм балет театр»ын шөлкемлестириў көрсетилген. Бул бизиң театрларымыздың санының және биреўге көбейгенлигинен қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән опера ҳәм балет шығармаларының сайланды үлгилери енди бизиң сахнамызда да жаңлайтуғынлығынан дәрек береди.

Усы қарардың 1-қосымшасына муўапық тастыйықланған «2021-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнерди және де раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы» ислеп шығылды. Бул бағдарламада да бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген. Атап айтқанда, Нөкис ҳәм Елликқала қәнигелестирилген мәденият мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жоқары оқыў орынларының қәбилетли студентлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Өзбекстан Қаҳарманы», Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Т.Қайыпбергенов ҳәм «Өзбекстан Қаҳарманы», Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиялар шөлкемлестириледи. 2021-2022-жыллары Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи алдына И.В.Савицкийдиң естелиги орнатылады, қойымшылығы абаданласытырылып, зыярат орнына айландырылады. Академиялық театрларымыздың симфониялық оркестри ушын зәрүр саз әсбаплары алынады, театрларымыз дөретиўшилери менен техникалық хызметкерлериниң билимин жетилистириў ҳәм тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстандағы театрлар менен Россия театрлары арасында бирге ислесиў бойынша меморандумлар дүзиледи.

Бағдарламада концерт шөлкемлериниң жумысларын раўажландырыў бойынша да бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Оған бола «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, автотранспорт пенен тәмийинлеў ҳәм ансамбльди келеси жылы жоқары категориялы ансмабльлер топарына киргизиў белгиленген. Сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлимин даўыс жазыў студиясы менен тәмийинлеў ҳәм бул жәмәәтти де келеси жылы биринши дәрежели топарға өткериў көрсетилген. Бул әлбетте, тараў хызметкерлери ушын үлкен жаңалық ҳәм мақтаныш. Тараўда пидайы мийнет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, тараў мәкемелерине жас кадрларды тартыў мақсетинде 2022-2023-жыллары Нөкис қаласынан көп қабатлы дөретиўшилер үйин қурыў, театр репертуарлары, спектакльлер премьералары, гастроль сапарлары, театр көркем өнери менен байланыслы басқа да жаңалықлар менен халықты кеңнен таныстырыў мақсетинде Ѳзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы тәрепинен арнаўлы эфир ўақытлары ажыратылады. Бул болса тараў жумысларының еле де  нәтийжели әмелге асыўына тийкар жаратады.

2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасындағы 9 мәденият орайы реконструкцияланып, 10 ында капитал оңлаў жумыслары алып барылса, Беруний районындағы «Беруний әўладлары» дәрўазлар топары зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди. Усы жылы сентябрь айында Нөкис қаласынан көшпели цирк (шапито) шөлкемлестириледи.

Усы жылдың өзинде Бозатаў районында «Республика жаслар ҳаўазы» фестивалы менен «Бозатаў ырғақлары» дөретиўшилер семинары өткерилетуғынын атап өтиў керек. «Қарақалпақ әдебияты дүрданалары» атлы көп томлы китаплар топламы баспадан шығарылады. Пайтахтымыздағы Есжан бақсы Қосполатовтың дөретиўшилик мектебин, оның дөретиўшилигин раўажландырыў мақсетинде ҳәр жылы Кегейли районында арнаўлы таңлаў шөлкемлестирилип, Нөкис қаласында миллий мәдениятларымыздың өз-ара уқсаслығын, беккемлиги раўажланып атырғанлығын терең талқылаўға қаратылған «Өзбек ҳәм қарақалпақ мәденияты: бир мақсет ҳәм раўажланыў перспективалары» атамасында республикалық әнжуман өткериў белгиленген.

Әлбетте, өткерилип атырған ҳәр қандай илаж астында миллий мәдениятымызды, қарақалпақ халқының бийтәкирар көркем өнерин раўажландырыў, оны жаңа басқышқа көтериў, үгит-нәсиятлаў арқалы жәҳән сахнасына танытыўдай ийги мақсетлер жәмленген. Қарақалпақ мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыўда аянбай мийнет еткен белгили көркем өнер шеберлериниң ҳүрметине бағышланып өткерилген ҳәм бүгинги күни бираз үзилиске түскен Өзбекстан халық бақсысы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жумабай жыраў Базаров естелигине бағышланған «Жыраўлар таңлаўы», белгили шайыр ҳәм қыссахан Аббаз Дабылов ҳәм халық артисти А.Шамуратованың естеликлерине бағышланған «Аббаз ҳаўазы―Қаратерең ырғақлары», «Саҳра бүлбили» таңлаўларының қайта тиклениўи сөзимиздиң дәлили.

Ҳүкиметимиз тәрепинен әйне қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнериниң раўажланыўы ушын қабыл етилген қарар миллий мәдениятымыздың тарийх бетлеринен зер ҳәриплер менен орын алары сөзсиз. Өйткени, әсирлерден мийрас болып киятырған қарақалпақ мәденияты менен көркем өнериниң тәрийпи де, тарийхы да дәстан. Сонлықтан, оны және де раўажландырыў, келешек әўладқа жеткериў, олардың қәлбинде Ана ўатанымызға, миллий мәдениятымызға деген сүйиспеншилик сезимлерин оятыў бүгин ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. Солай екен, бул қарардың қабыл етилиўи бәршемизди елимиздиң мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыў жолындағы мақсетлеримизге қанат болып, айдын мәнзиллерге қарай исенимли қәдем таслаўға ийтермелейди.

 

Қалбай ТУРДИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги