Нөкис районы «Арбашы» аўылында жайласқан 7-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыў-тәрбия, түрли таңлаўлар, пәнлер беллесиўи ҳәм жәмийетлик ислердеги белсендилиги бойынша райондағы алдыңғы мектеплер қатарында турады.

Өзбекстан Республикасы ғарезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен ашық аспан астында өткерилген «Жаслар форумы» мектеп оқыўшылары арасында экологиялық мәдениятты асырыў, компьютерде ислеў көнликпелерин арттырыў, китап оқыўға қызықтырыў, қол өнери ҳәм сүўретшилик қәбилетин асырыў, оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған оқыўшыларды хошаметлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болды.

Дәслеп оқыўшылар мектеп қапталындағы бағда «Тәбият – бизиң достымыз» сүрени астында мийўе ҳәм саяманлы дарақлар әтирапын тазалаў, қусларға уя дүзетиў, мектеп ишкериси ҳәм сыртында сән берип турған түрли гүллерге суў қуйып, топырағын жумсартыў жумысларын әмелге асырды.

Буннан соң мектеп алдында сызылған шахмат майданшасында беллесиў, сүўретлер салыў, қол өнери көргизбеси, компьютерде ислеў, дала китапханасында сәўбетлесиўлер менен даўам етти.

«Директор ҳәм жаслар» илажында мектеп директоры Қ.Джумашева менен оқыўшылардың ашық пикирлесиўи болып өтти.

Форум шеңберинде, мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилген әдебий-музыкалы композицияда  қуўыршақ театры  тамашалары, балалар қосық ҳәм тақмақлары бәлент жаңлады.

Илаж соңында оқыўда ҳәм түрли таңлаўларда жетискенликлерге ерискен оқыўшылардың ата – аналарына «Алғыснама»лар, форумда белсене қатнасқан оқыўшыларға  естелик саўғалары тапсырылды.

 

Раўаж Отарбаев,

Республика «Маърипат» үгит-нәсиятшылар

жәмийети ағзасы, мектептиң мәдений-дөретиўшилик

 ислери бойынша үгит-нәсиятшысы, шайыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги