«Өзбеккино» миллий агентлиги, «Республикалық кинопрокат орайы» ҳәм «Қарақалпақфильм» киностудиясы басламасы менен «Жаңа Өзбекстан-миллий кинематография» сүрени астында «Кинокәрўан» күнлери шеңберинде Нөкис гарнизонындағы әскерлер менен дөретиўшилик ушырасыў  өткерилди.

Ушырасыўға режиссёрлар, аниматорлар ҳәм белгили кино актёрлары қатнасты.

Онда фильмлердиң сүўретке алыныў процеси, олардың мазмун-мәниси ҳәм елимизде кинематография тараўына қаратылып атырған итибар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Әскерлерге Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Рихсибай Алиев ақыл-нәсиятқа бай болған «Ана» ҳаққындағы қосығын оқып берди ҳәм әскерлердиң алғысына миясар болды.

– Әскерлер менен ушырасыўлар мениң балалық әрманларымды  есиме түсиреди. Балалығымда десантшы болыў нийетинде едим. Тәғдириме актёр болыў, көркем өнер тараўында хызмет етиў жазылған екен. Дөретиўшилигим даўамында әскерий инсанның образын сәўлелендиргенмен. Бүгинги ушырасыў әскерлерде ғана емес ал, менде де үлкен тәсир қалдырды. Буннан бес жыл бурын Нөкиске келгенмен, қала гөззал болып,  көркем көриниске енипти. Сондай-ақ, армиямыздың күш-қүдирети жылдан-жылға артып баратырғанын көрип қуўандым, – дейди  Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Кәрим Мирҳодиев.

Ушырасыў соңында дөретиўшилик топар әскерий округтиң тарийх музейин тамашалады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы