Алдын хабар еткенимиздей, жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери тәрепинен шөлкемлестирилген пресс-тур шеңберинде студентлер “Панамилк” кәрханасы жумыслары менен де жақыннан танысқан еди.

2014-жылдан өз жумысын баслап, раўажланып киятырған сүт өнимлерин қайта ислеўши “Панамилк” кәрханасы усы жылдың декабрь айынан баслап өз өнимлери қатарына сырды да қосты. Ендигиден былай Қарақалпақстанда жоқары сапалы сыр ислеп шығарылады.

Бул ҳаққында Т.Панаев өз пикирлерин билдирди: “Биз сүттен сыр ислеп шығарыўды жолға қойдық. Бул әпиўайы емес, ал, Италияда ислеп шығарылатуғын 15 түрли сырдың рецепти тийкарында жоқары технологияда исленип атыр. Биринши өнимимизди базарға шығарғанымызда, айырым тутыныўшылар «көгерген сырды сатып атырсаң», деп наразы болды ҳәм биз оны сатыўдан алып тасладық. Бирақ, мен өз пикиримде қаламан, анығын айтсам, бул мениң де пикирим емес, дүнья жүзинде ең жақсы сыр бул – көгерген сыр деп тән алынған. Мен буны Италияда алған тәжирийбелеримнен билемен. Сыр қанша көп турса сонша өзиниң ең жақсы сыпатларына ийе болып бара береди екен. Сондай-ақ, ҳәр бир өним базарға шығарылыўдан алдын лабораториялық тексериўден өтеди. Соның ушын көгерген сырдың тутыныўға ҳеш қандай зыяны жоқ. Биз 2018-жылы өзлеримиз жетистирген сырды Россия ҳәм Қазақстанға экспорт қылыўды режелестирип атырмыз.
А.Казаков,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ