Мүбәрек Рамазан ҳайтының руўхый турмысымыздағы пазыйлетлерин, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик қәдриятларын беккемлеў бағдарындағы орнын ҳәм әҳмийетин итибарға алып «Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми тәрепинен қыйырқомлық илажлары өткерилди.
Шөлкем хызметкерлери «Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикалық бөлими менен биргеликте 400 мың сумға тең болған азық-аўқат ҳәм сүт өнимлери, спорт кийимлери, канцелярия буйымларынан ибарат саўғаларды имканияты шекленген балалардың үйлерине барып, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алып, салтанатлы түрде тапсырды.
«Экосан» қоры тәрепинен усы жылдың июнь айында улыўма баҳасы 10,8 миллион сумлық 10 дана майыплар арбашасы, 100 дана ҳаса таяқлар Ораза айының ишинде Майыплар және Көзи әззилер жәмийетлери есабында турған ҳәм мүрәжат еткен мүтәж пуқараларға бийпул тарқатылып берилди. Сондай-ақ, пайтахтымыздағы «Бес төбе» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Х.Ережепованың баласы Қоңыратбай Есбосыновқа операция ислетиў ушын Нөкис қаласындағы Халық банкинде ашылған есап бетине қайырқомлық жәрдем ретинде 500 мың сум өткерип берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги