Президент тәрепинен қол қойылған ҳүжжетлерге муўапық қосымша жумыс исленбейтуғын күнлер белгиленди.

 

13-май (Рамазан ҳайыты), 14-15-май (қосымша дем алыс күнлери) жумыс исленбейтуғын күнлер сыпатында белгиленди.

 

Рамазан ҳайыты карантин талапларына муўапық, халқымыздың миллий ҳәм диний үрп-әдетлерине сәйкес өткериледи.

 

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен 20-22-июль дем алыс күнлери сыпатында белгиленди (17-июль ҳәм 24-июль ушын дем алыс күнлери көшириледи).

 

Сондай-ақ, 31-декабрь күни де қосымша дем алыс күни етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.