1921-жылы туўылған Ефим Петрович Беспалов урысқа шекем Төрткүл қаласы коммунал хожалығы бөлиминиӊ баслығы болып жумыс ислейди.
1942-жылы армия қатарына шақырылған ол 2-Беларуссия фронтыныӊ 49-армиясы 364-атқышлар полкында 45-мм топтыӊ(пушка) зеӊберекшиси болып саўашларға қатнасады.
Оған 3-дәрежели «Даӊқ» ордени 1944-жылдыӊ 15-июль күни Гродненский ўәлаяты Погораны аўылы тусында болған саўашта анық гөзленген оқлары арқалы душпанныӊ артиллериялық бақлаў пункти, пулемёт точкасы, БТР ҳәм «Фердинанд» атлы атыў қуралын жоқ еткени ушын бериледи.
Ал, 2-дәрежели «Даӊқ» ордени болса, 1944-жылдыӊ 10—12- август күнлери Польшаныӊ Осовец қаласы тусындағы саўашта душпанныӊ 2 БТР, 2 жүк тийелген автомобили, штурмлық қуралы, 10 нан аслам душпан әскерлери ҳәм 6 пулемёт точкаларын жоқ еткени ушын бериледи.
Сондай-ақ, аға сержант Ефим Беспалов Польшаныӊ Черск қаласы аймағында болған саўашта да ерлик көрсетип, пияда жаўынгерлер қатарында 4 пулемёт точкасын жоқ етеди ҳәм буныӊ ушын 1946-жылдыӊ 15-май сәнесинде 1-дәрежели “Даӊқ” ордени менен сыйлықланады.
Соныӊ менен бирге бизиӊ жерлесимиз 1944-жылы «Ерлиги ушын», «Жаўынгерлик хызметлери ушын» медаллары ҳәм «Үлгили артиллерист» көкирек нышаны менен де сыйлықланып, урыс тамамланғаннан соӊ Саратов қаласында жасап мийнет етеди.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги