Және бир «Даӊқ» ордениниӊ толық кавалери болған жерлесимиз Александр Михайлович Заика Мойнақтағы мектепти тамамлағаннан соӊ, мәмлкеетлик қамсызландырыў мәкемесинде есапшы болып жумыс иследи.
1941-жылы бириншилер қатарында Ўатанды қорғаўға атланған ол 2-Беларуссия фронтыныӊ 3-гвардиялық кавалерия корпусыныӊ 28-полкында минометшылар командири болып хызмет атқарады.
1942-жылдыӊ сентябриндеги саўашлардыӊ биринде жарақат алған ол арадан көп өтпей, өз қуралласлары жанына қайтады ҳәм бир қатар ерликлерди ислейди.
Атап айтқанда, ол 1944-жылдыӊ 10- январь күни Витебск-Полоцк темир жолында болған қанлы саўашта 10 душпан әскерин жоқ етип, «Ерлиги ушын» медалы менен сыйлықланады.
Ал, 1944-жылдыӊ 19-июль күни Польшаныӊ Липск елатлы пункти жанында Заика өз минометы менен душпанныӊ танкке қарсы қоланатуғын пулемётын жоқ етеди. Буннан кейин де ол саўашларда өзиниӊ ерлик ислерин даўам етип, душпанныӊ бронетранспортёры ҳәм 10 әскерин жоқ етиўге ериседи ҳәм бул ерлиги ушын 3-дәрежели «Даӊқ» орденине усынылып, «Ерлиги ушын» медалы менен сыйлықланады.
Сондай-ақ, мойнақлы жаўынгер 1945-жылдыӊ 21-январында Мальгомюле елатлы пункти жақын жайласқан жерде ҳәм Найденбург қаласынан 27 км арқа-шығыс тәрепте Омулев дәрьясын кешип өтиў ўақтында миномети менен душпанларды қашыўға мәжбүрлейди ҳәм оларға қарсы 2 бронетранспортёрды ылақтырып 5 фашист әскери ҳәм аўыр пулемётын жоқ етеди.
Ал, 27- январь күн Польшаныӊ Барчево қаласы ушын болған саўашта болса, өз миномети менен душпанныӊ 8 әскери ҳәм пулемётын жоқ етеди ҳәм бул ерлиги ушын «Қызыл Жулдыз» орденине усынылады. Бирақ, ол 2-Беларуссия фронты басшылары тәрепинен 2-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланады.
Соныӊ менен бирге ол 1945-жылдыӊ 28-29-апрель күнлери Грабов ҳәм Райнсберг қалалары ушын болған саўашларда көплеген ерликлер ислейди ҳәм 1945-жылдыӊ 20-май күни 3-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланады.
Буннан руўхланған бизиӊ мәрт жерлесимиз қанлы саўашларда қаҳарманлықлар көрсетип, душпанныӊ 3 пулемёты, 2 әскерий қарыў-жарағы тийелген автомашинаны ҳәм 10 нан аслам әскерлерин жоқ етиўге еристи ҳәм бул хызметлери ушын СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумныӊ Пәрманы менен 1-дәрежели «Даӊқ» ордени менен сыйлықланыўға миясар болады.
Урыс тамамланғаннан соӊ гвардия сержанты Александр Михайлович Заика Мойнаққа қайтып келип, жумыс ислейди. Ол 1967-жылдыӊ 11-августында қайтыс болады.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги