Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы «Алтын қәлем» XV Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўының радио бағдары бойынша «Ең жақсы журналистлик материал ушын» номинациясында 2-орынды ийелеўге ерискен Қарақалпақстан радиоканалының журналисти Артықгүл Айымбетова менен сәўбетлести.
– «Алтын қәлем» сыйлығының әҳмийети, талаплары ҳаққындағы пикирлериңиз бенен ортақлассаңыз…
– «Алтын қәлем» таңлаўына сыйлықты алыў ушын емес, ал өзимди сынап көриў ушын ҳүжжет тапсырғанман. Еситтириўлеримниң сапасын, мазмунын, дәрежесин билиў, Өзбекстан журналистлериниң мийнетлери қатарындағы қалай баҳасын анықлаў тийкарғы мақсетим болды. Мийнетлеримди сыйлыққа мүнәсип деп тапқан екен, жүдә қуўанышлыман. Бул сыйлық журналистлерге өз ўазыйпасын атқарыўда үлкен жуўапкершилик жүклейди. Таңлаўдың әҳмийети сонда, бириншиден, журналистлердиң бирге ислесиўине, екиншиден, тәжирийбе арттырыўына, үшиншиден халықаралық көлемде дөретиўшилигин жетилистириўине кең имканият жаратады. Алған сыйлығым тек мениң ғана табысым емес, ал Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының дөретиўшилик жәмәәтиниң табысы, деп есаплайман. Әлбетте, алдағы ўақытлары да терең изленип, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң гүллеп раўажланыўы жолындағы ҳәрекетлерди, беккем аўызбиршиликли халқымыздың пидайылығын жарытыўға, радиотыңлаўшылардың кеўлине қонымлы еситтириўлер таярлаўға ҳәрекет етемен. Бул жетискенлик дөретиўшилик жәмәәтимизге де йош және үлкен күш бағышлайды.
– Радиоеситтириўлерде нелерге әҳмийет бериў керек ҳәм оларды өз дөретиўшилигиңизде қай дәрежеде қамтып алыўға ерисип атырсыз?
– Президентимиздиң «Мәмлекетти раўажландырыўдың тийкары әлбетте – илим ҳәм инновация есапланады” деп атап өткениндей «Илим раўажланыў тиреги» еситтириўинде халық хожалығының барлық тараўларында илимниң тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында радиотыңлаўшыларға толық түсиник бериўге ҳәрекет етемиз. Бул еситтириўлеримде геология тараўын раўажландырыў, геологиялық изертлеў жумыслары ҳәм оның нәтийжелери, жаңа инновациялар ҳаққында сөз етиледи. Сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўы жумысларын илимий тийкарда алып барыўдың әҳмийети, пахта ҳәм бийдайдың климат ҳәм топырақ шараятымызға бейимлескен жаңа сортларын жаратыў, жергиликли төгинлерден пайдаланыў, суўғарыўда заманагөй үнемли технологияларды енгизиў бағдарындағы илимий-изертлеў жумыслары ҳаққында изертлеўши илимпазлар менен сәўбетлесиўлер өткерип барамыз. Сондай-ақ, «Жаңаланыў қәдемлери», «Мәмлекетлик бағдарлама ҳәрекетте», «Ҳәзирети дийқан», «Мәҳәлле баслығы-реформатор» «Спорт əлеминде» еситтириўлерин де таярлап атырмыз. Әсиресе, «Мәмлекетлик бағдарлама ҳәрекетте» еситтириўинде тийкарынан быйылғы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислениўи керек болған илажлар ҳаққында сөз етиледи. Бул еситтириўлерди таярлаўда биз журналистлерден үлкен жуўапкершилик, потенциал, заман талабына сай оперативлилик, излениўшеңлик талап етиледи. Радиоеситтириўлерде тийкарынан оперативлик, фактлердиң анықлығы, сөйлеў мәдениятын сақлаў, тилге итибар қаратыў ҳәм күнниң талабына сай темаларды қамтып алыўға әҳмийет берилиўи керек. Усыларға әмел еткен ҳалда жумыс алып барсақ, тыңлаўшылардың кеўлинен шыға аламыз деп ойлайман.
-Радиода ислеген алдынғы әўлад журналистлерден үйренгенлериңиз ҳәм бүгинги күндеги кәсиплеслериниңиз туўралы не айта аласыз?
-Ең дәслеп устазым Шүкирбийке Нурниязованың берген билимлери өмиримде жол көрсетиўши жулдыз болды, десем қәтелеспеймен. Сондай-ақ, қолға киргизген табысларымда устазларым – Төлеген аға Низаматдинов, Әлаўатдин аға Қудайбергенов, Өмирбай аға Хожанов, Даўылбай аға Алланиязов, Халықназар аға Абибуллаев, Кәрим аға Назарбеков (мархумлар) сыяқлы инсанлардың ақыл-кеңеслери, жол-жоба ҳәм көрсетпелериниң орны гиреўли деп есаплайман. Олардан кеңпейиллик, туўры сөзлилик, ҳақыйқатлы, талапшаңлық ҳәм жуўапкершилик сыяқлы ең ағла пазыйлетлерди үйрендим. Сондай-ақ, Рустем аға Даўлетмуратов, Қуяш аға Юсупов, Даўлетбай аға Бекбаўлиев, Малика апа Жумамуратова, Пердеш апа Генжекеева, Рысгүл апа Жумабаева, Нурсулыў апа Бегимова сыяқлы устазлардың шәкирти екенлигимнен қуўанышлыман.
Кәсиплеслерим Н.Бегимова, Д.Аманлепесова, З.Тәжимуратова, З.Әбдимуратова, Б.Машарипова, Қ.Жумағалиева, Р.Шарапова, Д.Рахманова, Д.Қдырниязова, Г.Нурбековалардың ҳәр бириниң өз дөретиўшилик шеберлиги, көзқарасы, алдына қойған мақсети бар. Олар да ҳәр бир есттириўдиң сапалы ҳәм мазмунлы, теманы ашып бериў ушын ҳәрекет етеди. Олардан да көп нәрселерди үйренип атырман.
– Бүгинги радио күни мүнәсибети менен байрам тилеклериңиз…
– 7-май – радио күни байрамы менен кәсиплеслеримди қызғын қутлықлап, дөретиўшилик жумысларында, елимиздеги өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды халыққа өз ўақтында жеткерип барыўында талмас күш-жигер тилеймен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги